Аўыл хожалығы ҳәм Суў хожалығы министрликлериниң мәлимлемелери тыңланды

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Аграр ҳәм суў хожалығы мәселелери және Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәселелери комитетлериниң кеңейтилген мәжилисинде Аўыл хожалығы ҳәм Суў хожалығы министрликлериниң “Бюджет қаржыларынан нәтийжели пайдаланыў, сондай-ақ, мақсетли индикаторлардың орынланыўы ҳаққында”ғы мәлимлемелери тыңланды.
Аўыл хожалығы министрлигиниң мәлимлемесине бола, 2025-жылы республика бюджетинен 1 798,9 млрд. сум қаржы ажыратылған болып, бул қаржылар министрлик системасындағы 118 мәкемени қаржыландырыў, министрликтиң орайлық аппараты ҳәм оның системасындағы шөлкемлерди сақлаўға байланыслы қәрежетлер, раўажландырыў бағдарламалары ушын қәрежетлер және Агросанаатты раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик мақсетли қорына қаратылған.

Аўыл хожалығы өнимлериниң көлеми 2025-жылы 307,3 мың тонна прогноз етилген болса да, әмелде улыўма орынланбаған. Республика көлеминде аўыл хожалығы егинлеринде биологиялық қорғаў усылы қолланылған майданлар 25,6 мың гектар прогноз етилген, бирақ әмелде орынланбаған. Булар депутатлар тәрепинен сынға алынды.
Суў хожалығы министрлигиниң мәлимлемесинде келтирилгениндей, министрликке раўажландырыў бағдарламасы ҳәм мақсетли индикаторлар ушын суў хожалығы тараўында бюджет қаржыларынан нәтийжели пайдаланыў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, халықтың турмыс абаданлығын буннан былай да арттырыў мақсетинде зәрүр қаржы ажыратылған.
Депутатлар тәрепинен мәмлекетлик қаржылардан нәтийжели пайдаланыў, онда мақсетли индикаторлардың орынланыўына қаратылған анық илажларды белгилеп алыў ҳәм оны турақлы әмелге асырыў бойынша зәрүр усыныслар берилди.
М.Комилова, ӨзА