Фужайрадағы доянгде қолға киргизилген жеңислер

Ҳәзирги күнлери Бирлескен Араб Әмирликлери мәмлекети Фужайра қаласында спорттың таэквандо түринен “Fujayra Open – 2026” G-2 халықаралық турнири болып өтти.
Бул халықаралық турнирде Өзбекстан сайланды командасы қурамында қатнасқан республикамыздың спортшылары жақсы нәтийжелерге ерисиўге миясар болды.
Атап айтқанда, Нөкис олимпия ҳәм паралимпия спорт түрлерине таярлаў орайы тәрбияланыўшылары Феруза Ерназарова екинши, Раббония Русланова үшинши орынларды ийелеген болса, Тақыятас районы спорт мектеби тәрбияланыўшысы Нилуфар Сапаева ҳәм Нөкис қаласындағы 1-санлы спорт мектеби тәрбияланыўшысы Фарангиз Мирмановалар қола медальлары менен сыйлықланды.



Жас спортшыларды жарысқа тренерлерден Низаматдин Далибаев, Памир Султанов, Бабур Атамуратов, Данияр Бекбергенов ҳәм Жалғасбай Ержановлар таярлады.
Жарыс 5-февраль күни жуўмақланады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы