Ең үлгили көше бийлери хошаметленди

Мәҳелледе аўызбиршиликти сақлаў, жаслар тәрбиясы ҳәм той-мерекелерди ысырапкершиликсиз өткериўде көше бийиниң атқаратуғын хызмети айрықша.
Сонлықтан да олардың жумысларын жетилистириўде соңғы ўақытларда бир қатар илажлар жолға қойылмақта. «Ең үлгили көше бийи» таңлаўының өткерилиўи де олар арасында жумысларын белсендилик пенен алып барып атырған көше бийлерин белгилеп бермекте.
Тақыятас районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында мәҳәлле турмысында белсендилик ҳәм жуўапкершилик пенен жумыс алып барып атырған көше бийлерине бағышланған илаж болып өтти. Илажда Өзбекстан мәҳәллелер аўқамы Қарақалпақстан басқармасының баслығы С.Турманов, район ҳәкиминиң орынбасары У.Айтымбетов, тийисли тараў жуўапкерлери ҳәм көше бийлери қатнасты.
Онда мәҳәллелерде тынышлық ҳәм татыўлықты тәмийинлеў, халық пенен тығыз бирге ислесиўде социаллық машқалалардың шешимин табыўда көше бийлериниң де орны айрықша екенлиги атап өтилди.
Илажда таңлаўдың районлық басқышында 1-, 2- ҳәм 3-орынларды ийелеген көше бийлерине 5 миллион сумнан ақшалай сыйлық тапсырылды. Сондай-ақ, 11 мәҳәллениң көше бийи 1 миллион сум ақшалай сыйлық пенен хошаметленди.




Қарақалпақстан хабар агентлиги