Жоллар тазаланып, қәўипсизлик шаралары көрилмекте
25

Нөкис қаласында бақланып атырған қар жаўыўы себепли қала көшелеринде жол-транспорт ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша оператив илажлар көрилмекте. Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары Бас басқармасы системасындағы шөлкемлер тәрепинен арнаўлы техника ҳәм бригадалар тартылған.
Жолларда музлаў ҳәм сырғанақ жағдайлардың алдын алыў мақсетинде автомобиль жоллардың қатнаў бөлимлерине қум-дуз араласпасы себилмекте, сондай-ақ, қар тазалаў жумыслары үзликсиз даўам еттирилмекте. Бул жумыслар қала көшелеринде пуқаралардың қәўипсиз ҳәм еркин ҳәрекетлениўин тәмийинлеўге қаратылған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги