Өзбекстан-Германия: Тоқымашылық тараўында бирге ислесиў беккемленбекте
Өзбекстан тоқымашылық ҳәм мода санаатының дүнья базарында бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, жоқары маман кадрлар таярлаў ҳәм экспорт потенциалын күшейтиў жолында жедел реформалар алып бармақта.
Сондай-ақ, халықаралық бирге ислесиў байланысларын кеңейтиў нәтийжесинде миллий тоқымашылық санаатын заманагөй стандартлар ҳәм технологиялар менен үйлестириў үлкен әҳмийетке ийе.
Бүгинги күнде бул бағдарда Германияның “Gesamtmasche” ассоциациясы менен бирге ислесиў жаңа басқышқа көтерилмекте. Бул болса тараўдағы инновация ҳәм маман кадрлар таярлаў процесслерине унамлы тәсир етеди.
“Өзтоқымашылықсанаат” ассоциациясы ҳәм Германияның “Gesamtmasche” шөлкеми ўәкиллери менен өткерилген гезектеги ушырасыўда 2023-2025-жылларда биргеликте әмелге асырылған “GUZ Partners” жойбары шеңберинде ерисилген жетискенликлер ҳәм жойбардың кейинги басқышында әмелге асырылыўы керек болған ўазыйпалар додаланды.
Атап өтилгениндей, “GUZ Partners” жойбары шеңберинде 2023-2025-жылларда 25 оқыў семинары, 8 қәнигелестирилген илаж өткерилип, 2 мыңнан аслам тараў қәнигесиниң маманлығы арттырылған.
Бул жойбар елимиз тоқымашылық санаатында маман кадрлар таярлаў, Өзбекстан тоқымашылық санаатының имиджин және экспорт потенциалын буннан былай да арттырыўға хызмет етеди.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер алдағы режелерди белгилеп алды.
Насиба ЗИЁДУЛЛАЕВА,
ӨзАның хабаршысы