Өзбекстан ҳәм Қытай экологиялық изертлеўди биргеликте раўажландырады

Илимий-экологиялық тараў тәбият ҳәм жәмийет арасындағы тең салмақлылықты сақлаўға қаратылған әҳмийетли бағдар болып есапланады. Ол қоршаған орталықты қорғаў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм экологиялық машқалаларға илимий шешимлер ислеп шығыўды өз ишине алады. Заманагөй изертлеўлер арқалы экологиялық турақлылықты тәмийинлеў ҳәм келешек әўладлар ушын саламат орталық жаратыў бул тараўдың тийкарғы мақсети.
Экология ҳәм климат өзгериўи бойынша миллий комитети баслығы Азиз Абдуҳакимов Қытай Илимлер академиясының Синжон экология ҳәм география институтының бас директоры Чжан Юанмин менен ушырасыў өткерди.

Сөйлесиўлер даўамында Орайлық Азия экология ҳәм қоршаған орталықты изертлеўлер орайының келешектеги жумысын қәлиплестириўге байланыслы шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый ҳәм структуралық мәселелер, сондай-ақ, илимий-экологиялық тараўда еки тәреплеме бирге ислесиў перспективалары додаланды. Сондай-ақ, Орайды шөлкемлестириўдиң мүмкин болған модельлери, оның кадрлар потенциалын басқышпа-басқыш раўажландырыў, соның ишинде, турақлы ҳәм жойбар тийкарындағы лаўазымларды анық шегаралаў, сондай-ақ, келешекте структураның финанслық турақлылығын тәмийинлеў ҳәм нәтийжели жумыс алып барыў механизмлерине айрықша итибар қаратылды.

Қытай тәрепи Орайдың жумысын инвестициялық қоллап-қуўатлаў бойынша өз усынысларын усынды. Атап айтқанда, жойбарды қаржыландырыў шеңберинде Орайды заманагөй илимий ҳәм лабораториялық үскенелер менен тәмийинлеў мәселеси көрип шығылды. Өз гезегинде, Өзбекстан тәрепи зәрүр инфраструктураны тәмийинлеў ҳәм Орайдың толық жумыс ислеўи ушын қолайлы шараятлар жаратыў мәселелерин көрип шығыўға таяр екенин билдирди.
Сондай-ақ, Синьцзян экология ҳәм география институтының 2026-жылға мөлшерленген жумыс бағдарламасы таныстырылды. Бул ҳүжжетте Орайды дизимнен өткериў, бирге ислесиў байланысларын раўажландырыў, биргеликтеги илимий-изертлеў жойбарларын әмелге асырыў, илимий потенциалды арттырыў, кадрлар таярлаў бойынша илажлар нәзерде тутылған.
Муҳайё Тошқораева,
ӨзАның хабаршысы