Стратегия жойбарында мәмлекетлик емес мектеплерди 2030-жылға шекем мыңға жеткериў белгиленген

12

“Өзбекстан – 2030” стратегиясы жойбарында мәмлекетимиздиң барлық тараўдағы жетискенликлерин және де беккемлеў, жоқары басқышларға көтериўге қаратылған бир қатар мақсетлер, тийкарғы ўазыйпалар өз көринисин тапқан.

Соның ишинде, тәлим-тәрбия тараўында да әҳмийетли мақсетлер ҳәм жоқары шеклер гөзленген. Соңғы жыллары тәлим-тәрбия тараўына жеке меншик секторды кеңнен тартыў, сол арқалы тараўда және де кең имканиятлар жаратыў мәселелерине тийкарғы әҳмийет қаратылып киятырғанлығын атап өтиў керек.

Бул бағдарда стратегия жойбарында да улыўма орта билимлендириўди раўажландырыў ушын жеке меншик секторды кеңнен тартыў мақсети нәзерде тутылған. Атап айтқанда, мәмлекетлик емес улыўма орта билимлендириў шөлкемлериниң санын усы 2026-жылы 750 ге, 2027-жылы 800 ге, 2028-жылы 850 ге, 2029-жылы 900 ге, 2030-жылы болса 1 000 ға жеткериў мақсети белгиленген.

Стратегия жойбарының әҳмийетли тәреплеринен бири сонда, ҳәр бир жыл ушын өз алдына мақсетли көрсеткиш нәзерде тутылған. Соның менен бирге, белгиленген мақсетлерге ерисиўдиң анық финанслық дереклери де нәзерде тутылмақта. Мәселен, 2030-жылға барып мәмлекетлик емес улыўма орта билимлендириў шөлкемлериниң санын мыңға жеткериў ўазыйпасын әмелге асырыўдың финанслық тийкары сыпатында жеке меншик сектор қаржыларын тартыў белгиленген.

Сондай-ақ, стратегиялық ҳүжжет жойбарында мәмлекетлик емес улыўма орта билимлендириў шөлкемлеринде билим алып атырған оқыўшылардың үлесин 3 есеге арттырыў нәзерде тутылмақта.

Бундай ўазыйпаларды әмелге асырыў улыўма орта билимлендириў системасы және де сапалы, нәтийжели болыўына, жас әўладтың заманагөй билимлендириў менен қамтып алыныўына хызмет етеди.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, “Өзбекстан – 2030” стратегиясы жойбарын буннан былай да жетилистириўде пуқаралардың белсендилиги, усыныслар менен қатнасыўы халықшыл стратегияның қабыл етилиўине тийкар болады.

 

Муҳтарама Комилова,

ӨзА