Қәбилетли балаларға футбол топлары саўға етилди

2

ФИФА ның “Football for schools” бағдарламасы тийкарында Нөкис қаласындағы 24-санлы улыўма орта билим бериў мектебине футбол топлары тапсырылды.

Илаж Қарақалпақстан футбол ассоциациясының қәнигелери басшылығында өткерилди.

– Бул илаж жас әўлад арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў ҳәм олардың футболға қызығыўшылығын және де арттырыўға қаратылған, -дейди Қарақалпақстан футбол ассоциациясы вице-президенти Исҳак Ибрагимов. – Өткен жылы бул бағдарлама тийкарында көплеген районлардағы футбол ойнаўға қызығыўшы мектеп оқыўшыларына зәрүрли футбол әнжамлары тапсырылды ҳәм бул жумыслар быйылғы жылы да даўам етеди.

Әлбетте, футболға қызығыўшы жасларамызды қоллап-қуўатлаўға қаратылған бундай бағдарламалар алдағы ўақытлары да даўам етип, бул өзиниң унамлы нәтийжесин беретуғынлығына беккем исенемиз.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы