Дизимнен өтиў – келешектеги раўажланыўымыздың беккем тийкары

28

15-январь сәнесинен баслап мәмлекетимиздиң барлық аймақларында халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў ислери баслап жиберилди.

Оған республикамыздың барлық министрлик, қала, район, мәкеме-шөлкем, оқыў орынлары басшылары, хызметкерлери ҳәм студент жаслары белсене қатнаспақта.

Әсиресе, бул әҳмийетли илажға Өзбекстан мәҳәллелери ассосациясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы хызметкерлери де  белсене қатнасып, белгиленген тәртипте онлайн дизимнен өтпекте.

– Бул процесслерде белсене қатнасыў халықтың мәплерин қорғаў, аймақлардың раўажланыўы ушын әҳмийетли статистикалық мағлыўматларды қәлиплестириўге хызмет етеди, – дейди Өзбекстан мәҳәллелери ассосациясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы Сағындық Турманов. – Дизимге алыў нәтийжелери тийкарында социаллық-экономикалық бағдарламалар ислеп шығылып, әмелиятқа енгизиледи. Сонлықтан, ҳәр бир пуқараның дизимге алыў процесслеринде қатнасыўы үлкен әҳмийетке ийе.

Ҳәзирги ўақытлары республикамыздың барлық аймақларында халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажлары шөлкемлескенлик пенен алып барылмақта.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы