Президент пәрманы: мәмлекетлик сатып алыўлар системасында жаңа механизмлер енгизилмекте

10

Экономика ҳәм қаржы министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилген илаж Президентимиздиң 2025-жыл 26-декабрьдеги “Мәмлекетлик сатып алыўлар системасында бәсеки орталығы ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеў бойынша гезектеги илажлар ҳаққында”ғы пәрманының мазмун-мәнисине бағышланды.

Онда министрликтиң мәмлекетлик сатып алыўлар сиясаты департаментиниң жуўапкер хызметкерлери, электрон система операторлары, мәмлекетлик буйыртпашылар, ири мәмлекетлик кәрханалар, ғазна хызмети комитетиниң аймақлық бөлимлериниң қәнигелери қатнасты.

Онда шығып сөйлегенлер бул пәрман менен мәмлекетлик сатып алыўлар системасын түпкиликли жетилистириў, ашық-айдынлық ҳәм бәсеки орталығын күшейтиў, жергиликли ислеп шығарыўшыларды қоллап-қуўатлаў және бюджет қаржыларынан нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеўге қаратылған тийкарғы мақсетлер белгилеп берилгенин атап өтти. Атап айтқанда, басқышпа-басқыш түрде бәсекили сатып алыўлардың үлесин 80 процентке, үнемленген қаржылардың көлемин 25 триллион сумға, сатып алыўларда жергиликли өнимлердиң үлесин болса кеминде 85 процентке жеткериў режелестирилген.

Атап өтилгениндей, бул пәрман ашық сөйлесиўлер процесинде исбилерменлер тәрепинен билдирилген усыныс ҳәм басламалар толық есапқа алынған ҳалда қабыл етилген. Оған бола, мәмлекетлик сатып алыўлар әмелиятына бир қатар әҳмийетли жаңалықлар енгизиледи. Соның ишинде, сатып алыўларда жаңа бәсекили усыл – “усыныс сораў” механизми жолға қойылатуғыны, мәмлекетлик буйыртпашылардың сатып алыў режелери жәрияланғаннан соң, бул мағлыўматлар жергиликли ислеп шығарыўшыларға электрон хабарнама арқалы автомат түрде жеткерилетуғыны белгиленген.

Соның менен бирге, локализациялаў дәрежеси 30 проценттен артық болған жергиликли кәрханаларға аванс төлемлерин олардың локализациялаў дәрежесинен келип шығып төлеўге руқсат берилетуғыны, бюджет буйыртпашылары ҳәм жергиликли ислеп шығарыўшылар арасында жергиликли аукцион саўдаларын шөлкемлестириў тәртиби енгизилетуғыны мәлим етилди.

Пәрманға муўапық, мәмлекетлик буйыртпашылардың товарлар, жумыслар ҳәм хызметлерди қабыл етиўши шахсларға берилетуғын исеним хатларын мәмлекетлик сатып алыўлардың электрон системасы арқалы электрон түрде рәсмийлестириў әмелияты енгизилмекте. Сондай-ақ, сатып алыў ҳүжжетлерин экспертизадан өткериў мүддетлери олардың баҳасы ҳәм қурамалылығына қарап қысқартылыўы, барлық сатып алыў ҳүжжетлери жойбарларының жәмийетлик додалаўдан өткерилиўи нәзерде тутылған.

Сатып алыўларда орташа базар баҳаларын автомат есаплайтуғын электрон модулди иске қосыў арқалы баҳалардың тийкарсыз асырылыўының алдын алыў ҳәм финанслық тәртипти күшейтиў илажларын әмелге асырыў да мине усы ҳүжжетте көрсетип өтилген.

Илаж жуўмағында қатнасыўшылар пәрманның әмелий орынланыўы, жаңа механизмлерди енгизиў процесслери ҳәм мәмлекетлик сатып алыўлар системасының нәтийжелилигин арттырыў мәселелери бойынша алдағы ўазыйпаларды белгилеп алды.

Н.Зиёдуллаева,

ӨзА