Ўатан қорғаўшылары —  пидайылық, мәртлик ҳәм садықлық тымсалы

12

Қарақалпақстан медицина институтында «14-январь — Ўатан қорғаўшылары күни» ҳәм Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 34 жыллығы мүнәсибети менен әскерий тараўда хызмет етип атырған қәнигелердиң қатнасыўында “Миллий армия – ана Ўатан қорғаны, тынышлығымыздың сақшысы” атамасында руўхый-ағартыўшылық ушырасыў болып өтти.

Илажды институттың Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша биринши проректоры Зайыр Алеўов ашты ҳәм басқарып барды.

Ол өзиниң шығып сөйлеген сөзинде илаж қатнасыўшыларын  байрам менен қутлықлап, мәмлекетимиздиң тынышлығы ҳәм турақлы раўажланыўын тәмийинлеўде Қураллы Күшлеримиздиң тутқан орны ҳәм хызметин айрықша атап өтти.

Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Миллий гвардиясы басқармасы медициналық хызмет баслығы Азим Абдуллаев, Арқа-батыс әскерий округи медициналық тәмийнат хызметиниң баслығы Анвар Эгамбердиев өзлериниң хызмет жолы, Ўатан тынышлығын сақлаў жолында талап етилетуғын пидайылық, әскерий миннет ҳәм жуўапкершилик ҳаққында кең түрде айтып берди.

– Әсиресе, әскерий медицина тараўының жумысына айрықша тоқтап өтилди. Атап өтилгениндей, әскерий медицина хызметкери еки есе жуўапкершиликти мойнына алады, – дейди Анвар Эгамбердиев. – Бириншиден, әскерий форма ҳүрмети болса, екиншиден ақ халатлы – шыпакерлердиң миннети болып табылады.

Бул әлбетте, бизлерден қатаң жуўапкершилик, пидайылық ҳәм ҳақыйқый мәртликти талап етеди.

Өткерилген илажда байрам мүнәсибети менен әскерий тараў пидайыларына ҳәмде институт пенен нәтийжели бирге ислесип киятырған қәнигелерге Қарақалпақстан медицина институтының «Алғыснама»лары ҳәм естелик саўғалары салтанатлы түрде тапсырылды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы