Бүгин топардағы шешиўши ойын болады

Бүгин Саудия Арабстанында футбол бойынша U-23 Азия кубогинде келеси басқышқа шығыў ушын шешиўши 3-тур ойынлары болып өтеди.
«С» топарында Қубла Кореядан соң дәрўазаларға урылған голлар есабынан 4 упай менен екинши орында киятырған Өзбекстан жаслар сайланды командасы топар жетекшиси менен ойынға түседи.
Буннан алдын Иран жаслар сайланды командасы менен 0:0 ойнаған Равшан Хайдаров шәкиртлерин бул турда тек ғана жеңис ямаса Ливанның Ираннан упай алыўы ғана қанаатландырады.
Сонлықтан бул ойынға командамыз ағзалары пуқта таярлық көрмекте. Соны айтып өтиўимиз керек, Өзбекстан жаслар сайланды командасы қурамында «Арал» футбол клубының еки тәрбияланыўшысы дәрўазаман Самандар Муратбаев ҳәм ярым қорғаўшы Муҳаммедалий Реймовлар ҳәрекет етпекте.
Өзбекстан ҳәм Қубла Корея жаслар сайланды командалары арасындағы ойын бүгин саат 16:30 да басланады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы