Сыртқы саўдада бажыхана уйымларының орны ҳәм ўазыйпалары

Сыртқы базарларға шығарылып ҳәм елимизге алып кирилип атырған товарлардың ҳәрекетин оператив, ашық-айдын және нызам талапларына муўапық түрде рәсмийлестириў бажыхана уйымларына жүкленген әҳмийетли ўазыйпалардан бири болып есапланады. Ал, экспорт ҳәм импорт процесслеринде қолайлықлардың жаратылыўы сыртқы саўда айланысының өсиўине, исбилерменлик жумысының және де жанланыўына хызмет етеди.
Мине, усы жуўапкершиликли ўазыйпаларды нәтийжели әмелге асырып киятырған Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы жәмәәти де усы жылдың жуўмақларына бола салмақлы нәтийжелерге еристи. Бажыхана рәсмийлестириўи ҳәм қадағалаў процесслериниң жетилистирилиўи арқалы аймақтың экономикалық потенциалын арттырыўға, сыртқы саўда операцияларын қоллап-қуўатлаўға мүнәсип үлес қосылды. Бул болса бажыхана уйымларының мәмлекетлик экономикалық сиясатты әмелге асырыўдағы әҳмийетли ролин және бир мәрте көрсетеди.
Биз Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы баслығының орынбасары Нурсултан Назарбаев пенен сәўбетлесип, қызықтырған сораўларымызға жуўап алдық.
– Нурсултан Орынбаевич, жылдың жуўмақларына бола ерисилген тийкарғы нәтийжелерден атап өтсеңиз?
– Мәмлекетимизде сыртқы экономикалық байланыслардың басқышпа-басқыш раўажланып барыўы, миллий экономиканың турақлылығын тәмийинлеўде әҳмийетли фактор болып, халықаралық саўда көлемлериниң кеңейиўи арқалы мәмлекетлик бюджет дәраматлары беккемленбекте ҳәм халықтың абаданлығына беккем тийкар жаратылмақта.
Республикамызда сыртқы саўдадағы экспорт ҳәм импорттың раўажланыўы, бул ушын жаратылған шараятлар республикамыз сыртқы саўда айланысының жылдан-жылға көбейиўине тийкар жаратпақта.
Атап айтқанда, 2025-жылдың январь-декабрь айында Қарақалпақстан Республикасы бойынша товарлардың сыртқы саўда айланысы 823,1 млн. АҚШ долларын қурады ҳәм 2024-жылға салыстырғанда 101,4 млн. АҚШ долларына, яғный 14 процентке артты. Бул көрсеткиш 2024-жылдың жуўмағы менен 721,7 млн. АҚШ долларын қураған еди.
Соның ишинде, товарлар экспорты 320,7 млн. АҚШ долларын қурады. Бул дәўирде Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана постлары арқалы экспорт етилген товарлардың тийкарғы салмағы пластмассадан исленген буйымларға, өсимликлерге ҳәм олардан алынған өнимлерге, тоқымашылық, химия санааты, азық-аўқат өнимлерине, тири ҳайўанлар, олардың от-жемлери ҳәм басқа да товарларға туўра келди.
– Қайсы товарларды эспорт етиў артты?
– Экспорты артқан товарлардан, тийкарынан экспорт етилген товарларының баҳасы 7,9 млн. доллар болған химия санааты өнимлерин (41,1%), 5,9 млн. доллар болған технологиялық әсбап-үскенелерди (146,7%), 4,3 млн. доллар болған ағаш-тахтай өнимлерин (54,7%), 2,6 млн. долларға жеткен азық-аўқат өнимлерин (24,3%), 4,5 млн. долларды қураған транспорт ҳәм оның аўысық бөлеклерин (165,3%) атап өтиўимизге болады.
Ал, экспорты азайған товарлардан пластмасса ҳәм резина өнимлерин, өсимликлер ҳәм олардан алынған өнимлерди, тоқымашылық өнимлерин, жанылғы-энергетика ҳәм нефть өнимлерин атап өтиўге болады. Ҳәзирги күнде республикамызда 165 субъект товарлар экспорты менен шуғылланбақта.
– Товарлар экспорты тийкарынан қайсы еллерге әмелге асырылмақта?
– Қарақалпақстан Республикасы аймағынан товарлар экспорты 39 мәмлекетке әмелге асырылып, тийкарғы бирге ислесиўшилер Түркия, Россия, Қазақстан, Қытай, Латвия, Эстония ҳәм Вьетнам мәмлекетлерин қурайды. Бул мәмлекетлердиң үлеси жәми экспорттың 88,6 процентин ямаса 284,1 млн. АҚШ долларын қурамақта. Ал, товарлар импорты (сыртқы саўда айланысы бойынша) 502,3 млн. АҚШ долларын қурады.
2025-жылы товарлар импортының көлеми тийкарынан технологиялық үскенелерге, ағаш-тахта өнимлерине, металл ҳәм металл буйымларға, азық-аўқат, электротехника ҳәм оның бөлеклерине, химия санааты өнимлерине, жанылғы-энергетика ҳәм нефть өнимлерине, пластмасса, резина өнимлерине ҳәм басқа да товарларға туўра келди.
Товарлар импорты менен шуғылланыўшы исбилерменлердиң саны 623 ке (477) жетип, 146 ға (ямаса 30,6 процентке) өсти.
Товарлар импорты 51 мәмлекеттен әмелге асырылып, тийкарғы бирге ислесиўшилер Қытай, Россия, Қазақстан, Беларусь, Түркия, Италия ҳәм Германия мәмлекетлерин қурады.
Басқарма тәрепинен 2025-жылдың январь-декабрь айлары даўамында 723,9 млрд. сум муғдарындағы бажыхана төлемлери мәмлекетлик бюджетке өткерилип, белгиленген реже (700 млрд. сум) 103,4 процентке орынланды.
– Шегара бажыхана постларынан өтиўде анықланған ҳуқықбузарлықлар ҳәм оның алдын алыў бойынша әмелге асырылған илажлар туўралы мағлыўматлар берсеңиз.
– Бажыхана басқармасы, оның бөлимлериндеги хызметкерлер ҳәм тийисли ҳуқық қорғаў уйымлары менен биргеликте 2025-жылдың 31-декабрь күнине шекем, жәми 757 жағдайда 19 млрд. 421,6 млн. сумлық товар-материаллық байлықлар менен байланыслы ҳуқықбузарлық жағдайлары анықланған.
Жағдайлар саны алдынғы жылға салыстырғанда 50 ге азайған болса да, баҳасы 5 млрд. 660,3 млн. сумға артқан.
Анықланған ҳуқықбузарлық жағдайлары бойынша алынған баҳасы 19 421,6 млн. сумлық товар-материаллық байлықлардың 10 млрд. 143,4 млн. сумлық бөлеги мәмлекет пайдасына конфискация етилди. Ал, 838,7 млн. сумлық бөлеги жоқ етилди. 4 млрд. 646,5 млн. сумлық бөлеги бойынша жеткерилген зыян сапластырылғанлығы себепли ийесине қайтарылды. Ҳәзирги ўақытта 3 млрд. 654,8 млн. сумлық бөлеги бойынша топланған материаллар суд ҳәм тергеў уйымларында көрип шығылмақта.
Бул анықланған жағдайлар кесиминде қарайтуғын болсақ, товар материаллық байлықлар, стратегиялық товарлар – нәшебентлик қураллары, күшли тәсир ететуғын элементлер, қурал ҳәм сол сыяқлы буйымлар анықланған.
Сыртқы экономикалық жумыс бағдарында әмелге асырылған жумыслардан атап өтетуғын болсақ, 2025-жылдың өткен дәўири даўамында 66 (75) жағдайда 7958,4 млн. (75 жағдайда 20670,1 млн) сумлық қосымша бажыхана төлемлери менен байланыслы болған ҳуқықбузарлық жағдайлары анықланды. 2025-жылдың есап бериў дәўиринде қосымша есапланған бажыхана төлемлери 12 711,7 млн. сум болып, ҳуқықбузарлық жағдайлары аз есапланған. Ҳәзирги ўақытта 2025-жылы анықланған қосымша есапланған бажыхана төлемлеринен 7 186,8 млн. сум өндирип алынған.
Коррупция иллетине қарсы гүресиў бүгинниң әҳмийетли мәселелериниң бири болғанлықтан, мәмлекетимиз шегаралары арқалы ҳәрекетленип атырған пуқаралар ҳәм шегарада хызмет етип атырған бажыханашылар арасында коррупцияға қарсы гүресиў бойынша профилактикалық илажлар системалы түрде алып барылмақта.
Соның менен бирге, бажыхана уйымларында ҳәр пийшемби – коррупцияға қарсы профилактикалық илажлар күни ретинде белгиленген. Бул күнлерде бажыхана басқармасы қәнигелери тәрепинен “Хожели”, “Даўыт ата” шегара бажыхана посты арқалы ҳәрекетланип атырған автотранспорт қуралларының айдаўшылары арасында, “Қарақалпақстан” темир жол шегара бажыхана посты арқалы ҳәрекетленип атырған жолаўшыларға ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, олардың профилактикасы ҳәм шегара бажыхана қадағалаўы қағыйдаларына әмел етиў бағдарлары бойынша үгит-нәсият ҳәм түсиник жумыслары турақлы түрде алып барылмақта.
Илажлар даўамында пуқараларға әмелдеги нызамшылық талапларын билмеў оларды жуўапкершиликтен азат етпейтуғыны, бажыхана шегараларын кесип өтиўде бажыхана нызамшылығына қатаң әмел етиўи ҳәм ҳеш қашан бажыхана хызметкерине “пара” усыныс етпеўи ескертилип, бажыхана хызметкериниң материаллық мәпдар болыў жағдайына дус келсе, Өзбекстан Республикасы Бажыхана комитетиниң 11-08 қысқа ҳәм Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының (61) 224-90-86 исеним номерлерине қоңыраў етиўи соралмақта.
Мақсет – шегара арқалы өтип атырған жолаўшылар арасында ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, оларды нызамшылықтағы жаңалықлар менен таныстырыў болып есапланады.

Сәўбетлескен: Әдилбай Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы