Биринши турдағы дәслепки жеңис

Кеше Саудия Арабстанында футбол бойынша U-23 Азия кубогинде 1-тур ойынлары өз жуўмағына жетти.
«С» топарында Қубла Корея, Иран ҳәм Ливан сайланды командалары менен келеси басқыш жолламасын қолға киргизиў ушын гүреске кирискен Өзбекстан Олимпия сайланды командасы, өзиниң турнирдеги дәслепки ушырасыўын Ливан сайланды командасына қарсы өткерди.
Қызықлы өткен ойынның биринши таймының дәслепки минутларында Ливан сайланды командасы үстемлик еткен болса, 20-минутларында Равшан Ҳайдаров шәкиртлери көбирек қәўипли ҳүжимлер шөлкемлестирди ҳәм усындай ҳүжимлердиң бирин Амирбек Саидов нәтийжели жуўмақлады.
Ал, екинши таймның басы футболшыларымыз ушын оғада әўметли келип, 50-минутта Равшан Хайруллаев, 58-минутта Сардор Баҳромов Ливан дәрўазасын еки мәрте анық нышанға алыўға еристи. Есап 3:0.
Буннан соң Ливан сайланды командасы қурамына жаңадан 3 футболшы майданға түсирилди ҳәм бул өзгерислер өзиниң унамлы нәтийжесин көрсетти. Атап айтқанда, ушырасыўдың 65 ҳәм 90+5 минутларында Леонардо Шаҳин жерлесимиз Самандар Муратбаев қорғап атырған дәрўазаға еки мәрте гол урыўға еристи.
Солай етип оғада қыйын өткен ойын Өзбекстан сайланды командасы пайдасына шешилди ҳәм командамыз өзиниң дәслепки 3 упайына ийе болды.
Ал, усы топардағы Иран ҳәм Қубла Корея сайланды командалары арасындағы екинши ойында болса, есап 0:0 есабы менен жуўмақланды.
Енди командамыз ағзалары 2-турда Иран сайланды командасына қарсы ойынға түседи.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы