Судьялар корпусы жаңа ўәкиллер менен толықтырылды

24

Қарақалпақстан Республикасы судының гезектеги Президиум мәжилисинде биринши мәрте судьялық лаўазымына тайынланған судьялардың ант қабыл етиў мәресими өткерилди.

Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2026-жыл 1-январь күнги Президиум қарары менен судьялық лаўазымында болыўдың биринши бес жыллық мүддетине тайынланған Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислери бойынша Қоңырат районлар аралық судының судьясы  Г.Абыниязова ҳәм пуқаралық ислери бойынша Шымбай районлар аралық судының судьясы С.Опаевалар ант қабыл етти.

Мәресимде Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы К.Тарихов шығып сөйлеп, судьялар корпусына жаңадан қосылып атырған ўәкиллерге ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумы қарары менен судьялық ўәкиллиги мүддети дәўирине Қарақалпақстан Республикасы судының экономикалық ислер бойынша судьясы лаўазымына тайынланған Д.Давлетовқа да исеним билдирип, оларға әдил судлаўды әмелге асырыўдай машақатлы, соның менен бирге, жуўапкершиликли жумысында табыслар тиледи. Судларда узақ жыллардан берли даўам етип киятырған «Устаз-шәкирт» дәстүри тийкарында жаңа ўәкиллерге тәжирийбели судьялар устаз етип бириктирилди.

Илажда қатнасқан судьялар ҳәм басқалар жаңа судьяларға ең жақсы тилеклерин билдирди.  Өз гезегинде, жаңадан судьялар корпусына ўәкил болғанлар билдирип атырған исенимди ақлаўға, тек ғана нызам тийкарында әдил қарар шығарыўға, буның ушын өзлериниң бар билим ҳәм тәжирийбесин аянбай жумсаўға ўәде етти. Ант қабыллаған судьяларға Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм “Судьялар әдеби” китабы саўға етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги