«Президент шыршасы» ҳәммеге көтериңки кейпият бағышлады

25

Жаңа жыл байрамы инсанларды жақсы арзыў-нийетлер ҳәм жаңа үмитлер менен бирлестиретуғын қутлы әййямлардан есапланады. Сонлықтан усы байрам қарсаңында жер жүзиниң көпшилик жерлеринде дүнья халықлары бир-бирине жақсы тилеклер айтып, байрам саўғаларын инам етеди. Бул әжайып көринислерди бизиң елимиз аймақларында да айқын көриўимизге болады.

Байрам мүнәсибети менен Тахтакөпир районлық Мәденият орайы жанында байрамға сай безелген шырша әтирапында «Президент шыршасы» атамасында байрам кешеси шөлкемлестирилди.

Илажда район ҳәкиминиң биринши орынбасары К.Дәўлетов аймақ халқын елимизге кирип киятырған Жаңа жыл менен қутлықлап, ҳәммеге өзиниң ең жақсы тилеклерин билдирди ҳәм бир топар балаларға байрам саўғаларын тапсырды.

Байрам бағдарламасы даўамында кеўилашар ойынлар, сахналық көринислер, кеўилли қосықлар ҳәм тамашалар көрсетилип, бул қатнасыўшыларға көтериңки кейпият бағышлады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы