“Politico” басылымы сатиралық антисыйлықлар дизимин жәриялады

12

Онда усы жылы унамлы жетискенликлери менен емес, ал қәтеликлери ҳәм ерси тәреплери менен белгили болған белгили сиясатшылар ҳәм жойбарлар атап өтилген.

Жеңимпазлар арасында Франция бурынғы президенти Николя Саркози да бар, ол қамақтағы 20 күни ҳаққында еске түсириўлер китабын басып шығарғаннан соң қамақханадағы “татыўлығы” ушын “Ал Капоне” сыйлығын алған.

Жасалма интеллекттен ең жаман пайдаланғаны ушын берилетуғын сыйлыққа ирландиялы сиясатшы Кетрин Конноли ҳәм АҚШ президенти Дональд Трамп мүнәсип көрилди. Олар пикир-таласлар ҳәм сынларға себеп болған әдеттегидей емес хабарлары ҳәм ЖИ видеолары менен жәмийетшиликке күлки болды.

Европа Комиссиясы басшысы Урсула фон дер Ляйен Трамптың тариф сиясатын жумсартыўға урыныўлары нәтийжесиз болғаны ушын “Ең болмаса урынып көрдиңиз” сыйлығына миясар болды.

Италиядағы Мессина буғазы көпири жойбары болса ҳеш қашан әмелге аспайтуғын үлкен идея сыпатында “Титаник” сыйлығын қолға киргизди.

“Politico” сондай-ақ, Брюссельдиң Шуман айланба жолына Европа Аўқамының узақ даўам еткен инфраструктуралық жойбарларының символына айланған шексиз оңлаў жумыслары ушын айрықша “Дежавю” сыйлығын мүнәсип көрди.

Редакторлар бул антисыйлықлар сиясий жыл тек ғана қарарлары емес, ал ғалабалық қәтелери менен де есте қалатуғынын ирония менен еслетиў ушын хызмет ететуғынын атап өткен.

С.Раҳимов, ӨзА