Өзбекстан-Саудия Арабстаны: IT тараўында бирге ислесиў

Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов Саудия Арабстаны Патшалығының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Юсуф ал-Утайбий менен ушырасыў өткерди.
Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Саудия Арабстаны арасындағы еки тәреплеме бирге ислесиў жаңа басқышқа көтерилгени атап өтилди. Мәмлекет басшылары арасындағы өз-ара исеним ҳәм жақын байланыс мәлимлеме технологиялары тараўында биргеликтеги жойбарларды жедел раўажландырыўға хызмет етип атырғаны атап өтилди.

Тәреплер DataVolt компаниясы тәрепинен мәмлекетимизде қурылып атырған “жасыл” мағлыўматлар орайы жойбарының ҳәзирги жағдайы ҳәм оның келеси басқышлары ҳаққында пикирлести.
Сондай-ақ, Саудия Арабстанында жумыс алып барып атырған компанияларды Өзбекстан базарына тартыў, аралықтан хызметлер экспортын кеңейтиў ҳәм IT Парк имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў мәселелери додаланды.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер кадрлар таярлаў, биргеликтеги семинар ҳәм тренинглерди шөлкемлестириў арқалы бирге ислесиўди және де беккемлеў әҳмийетли екенин атап өтти.
Нигора Раҳмонова, ӨзА