Өзбекстан-Қытай: баспа платалар ислеп шығарыў бойынша бирге ислесиў имканиятлары үйренилди

Бүгинги күни электроника ҳәм баспа платалар санааты дүньядағы тез раўажланып атырған тараўлардың бири болып есапланады. Өзбекстанда бул бағдарда бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм заманагөй технологияларды енгизиў перспективалары халық ушын жоқары сапалы өнимлер, санаат инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм халықаралық стандартларға сәйкес келетуғын өнимлер ислеп шығарыў имканиятын береди.
Сонлықтан, Қытайдың электроника тараўында жумыс алып баратуғын компаниялары менен бирге ислесиў перспективалары мәмлекетимиз ушын стратегиялық әҳмийетке ийе.
“Өзэлтехсанаат” ассоциациясында Қытай Халық Республикасының электроника ҳәм электротехника тараўында жумыс алып барыўшы бир қатар компанияларының ўәкиллери менен өткерилген ушырасыўда усындай имканиятларды таллаўға әҳмийет қаратылды.
Онда тәреплер бирге ислесиў перспективаларын додалады. Атап айтқанда, Өзбекстанда баспа электрон платалар (PCB) ислеп шығарыўды жолға қойыў перспективалары бойынша “Shenzhen Welldone Circuit” компаниясы ўәкиллери менен өз-ара пикирлести.
Сөйлесиўлер даўамында мәмлекетимизде баспа платалар ислеп шығарыў технологиялары, халықаралық сапа ҳәм қәўипсизлик стандартлары, инженерлик шешимлер ҳәм санаат инфраструктурасының имканиятлары додаланды. Сондай-ақ, электроника, санаат автоматикасы, автомобиль электроникасы ҳәм қайта тикленетуғын энергетика тармақларында баспа платаларға болған талап мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Ушырасыў жуўмақларына бола, Өзбекстан ҳәм Қытай компаниялары бул бағдардағы бирге ислесиў мәселелерин қосымша үйрениў, техникалық-экономикалық тәреплерди таллаў ҳәм алдағы ўақытлары мүмкин болған бирге ислесиў түрлери бойынша сөйлесиўди даўам еттиреди.
Н.Зиёдуллаева, ӨзА