Халық шайырының 110 жыллығы белгиленди

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры, көркем сөз шебери Тилеўберген Жумамуратовтың 110 жыллығына бағышланған әдебий кеше шөлкемлестирилди.
Әдебий кешеде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының руўхый-ағартыўшылық жумыслары нәтийжелилигин арттырыў, мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўин тәмийинлеў мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси-департамент баслығы П.Дабылов, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша проректоры С.Алаўатдинов, шайырдың қызы университеттиң журналистика кафедрасының профессоры Малика Жумамуратова, сондай-ақ, әдебият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери, профессор-оқытыўшылар, студент-жаслар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Өткерилген кешеде шығып сөйлегенлер Тилеўберген Жумамуратовтың өмири ҳәм дөретиўшилик жолы, оның қарақалпақ әдебиятын раўажланыдырыўдағы тутқан орны, адамгершилик, Ўатансүйиўшилик, миллий өзлик ҳәм руўхый пәклик идеяларын жырлаған шығармалары ҳаққында ҳәр тәреплеме тоқтап өтти. Шайырдың дөретиўшилиги тек ғана миллий әдебиятымыз емес, ал, түркий тиллес халықлар әдебиятында мүнәсип орын ийелегени, оның шығармалары түрли тиллерге аўдарылып, халқымыздың руўхый байлығын дүньяға танытыўда үлкен әҳмийетке ийе болғаны атап өтилди. Сондай-ақ, шығып сөйлегенлер шайырдың дөретиўшилик мийрасын, оның инсаныйлық пазыйлетлерин, әдебиятқа болған садықлығын ҳәм жас әўладларды тәрбиялаўдағы хызметлерин ҳүрмет пенен еске алды ҳәм бул илаж қатнасыўшыларында терең тәсир қалдырды.

Әдебий кеше көркем өнер тараўы ўәкиллериниң атқарыўындағы қосық ҳәм аяқ ойынлар менен және де пайызлы түске енди. Қәбилетли студент-жаслар тәрепинен шайыр шығармаларынан үзиндилер оқылды.
Бул әдебий кеше уллы сөз зергерине болған ҳүрмет белгиси болыў менен бирге, жаслардың санасында миллий әдебиятқа муҳаббат, көркем сөзге итибар ҳәм руўхый қәдириятларға садықлықты және де беккемлеўге хызмет етти.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы