Газ тәмийнатында турақлылық: халықтың мүтәжлиги қанаатландырылмақта

33

Қыстың аязлы күнлери тәбийғый газ тармақларына жалғанбаған республикамыздың алыс аймақларында жасаўшы хожалықларға өз ўақтында иркинишсиз суйылтылған газ жеткерип бериў газ тәмийнаты тараўы хызметкерлериниң тийкарғы ўазыйпаларынан саналады.

Сонлықтан ҳәзирги күнлери тараў хызметкерлери өзлериниң ўазыйпларына жуўапкершилик пенен қарап, алыс аймақлардағы тәбийғый газ жетип барыўы қыйын хожалықларды турақлы түрде суйылтылған газ баллонлар менен тәмийинлеп  келмекте. Әсиресе, бул жумыслар Кегейли районында жақсы жолға қойылған.

– Районымыз бойынша алыс аймақларда жасаўшы 1926 шаңараққа  суйылтылған газ жеткерип берилмекте, – дейди Кегейли районлық газ тәмийнаты бөлими суйылтырылған газ хызмети баслығы  Володя Бекниязов. – Бул алыс аймақлардағы тутыныўшыларды үзликсиз суйылтылған газ бенен тәмийинлеўде барлық шараятлар жаратылған болып, газ тәмийнаты тараўы хызметкерлери ҳәр қандай ҳаўа райы шараятында да тутуныўшыларға өз ўақтында газ баллонларды жеткерип киятыр. Атап айтқанда, Ақтуба, Абат, Жаңабазар, Жалпақжап, Көкөзек, Қумшүнгил, Жүзимбағ ҳәм Ийшан қала аўыл пуқаралар жыйыны аймақларындағы газ тутыныўшыларын суйылтылған газ баллонлар менен тәмийинлеў ушын 3850 дана газ баллон менен тәмийинленген. Усы жылдың 1-декабрь жағдайына районның суйылтылған газ тутыныўшыларына 312,94 тонна фонд ажыратылып, әмелде реже толығы менен орынланды.

Ҳақыйқатында да, Кегейли районлық газ тәмийнаты бөлими хызметкерлери тәрепинен аўыл турғынларының мүшкилин жеңиллетиў бойынша көплеген унамлы ислер әмелге асырылмақта. Олардың бундай ийгиликли ислеринен аймақ халқы бәрҳа миннетдар.

Қарақалпақстан хабар агентлиги