Шымбайлы жасларға жаңа турақ жайлар тапсырылды

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 9-августтағы ПҚ-5216-санлы қарары тийкарында мәмлекетимизде жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған жасларды қоллап-қуўатлаў, оларды еркин турмысқа таярлаў, мүнәсип шараятлар менен тәмийинлеў бағдарында системалы жумыслар әмелге асырылмақта.
Жаңа жыл байрамы алдынан Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының буйрығы тийкарында Шымбай районындағы Шахтемир, Бердақ, Жипек жолы мәкан пуқаралар жыйынларында жайласқан көп қабатлы имаратлардан төрт жасқа жаңа үйдиң гилтлери тапсырылды.
Илажға район ҳәкиминиң орынбасарлары А.Утемисов, Г.Мамбетниязова, «Инсан» социаллық хызметлер орайы директоры Б.Бабахановлар шығып сөйлеп, соңғы жыллары елимизде Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм оларға қолайлы шараятлар жаратып бериў бағдарында исленип атырған жумысларды мақтаныш пенен атап өтти ҳәм бундай имканиятлардан жасларымыз нәтийжели пайдаланыў кереклиги ҳаққында атап өтти.
Буннан соң имарат алдына тартылған ленталар салтанатлы жағдайда кесилип, илаж қатнасыўшылары жаңа үйлерде жаслардың жасаўы ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты ҳәм үй ийелерине жасы үлкенлер өзлериниң жақсы тилеклерин билдирди.
Өз гезегинде жаңа турақ жайға ийе болған Айдос Абдикадиров, Дәўран Дәўлетбаев, Қудирет Өтебаев, Дәўран Жуманиязов ҳәм Тимур Тәжимуратов ҳәм Гүлжәҳән Нуржановалар да шығып сөйлеп, өзлерине көрсетилип атырған ғамқорлық ушын ҳүрметли Президентимизге терең миннетдаршылығын билдирди.

– Мен Тимур Тәжимуратов 21 жастаман. Ҳүрметли Президентимиздиң инсан қәдири ушын принципи тийкарында алып барып атырған әдил сиясатының арқасында бүгин жаңа турақ жайға ийе болдым. Буның ушын Журтбасшымызға үлкен рахмет айтаман.
Ҳақыйқатында да елимизде бундай ийгиликли ислер инсан қәдири ушын әмелге асырылып атырғанын анық мысалында көриўимизге болады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы