Салықтан қарызы бар “метан заправка” сатылып кетти

Мәжбүрий орынлаў бюросы Нөкис районы бөлиминиң ис жүргизиўинде Нөкис районында жайласқан, қарыздар “Max Service Gaz” ЖШЖдан жәми 2,6 миллиард сумнан артық салық қарыздарлығын өндириў ҳаққындағы Қарақалпақстан Республикасы Салық басқармасының қарары шығарылған.
Бөлим мәмлекетлик орынлаўшысы тәрепинен қарыздарға усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў ушын 15 күнлик ықтыярый мүддет берилип, суд қарарының орынланыўын тәмийинлемеў ақыбетлери түсиндирилген.
Соған қарамастан, қарыздар тәрепинен орынлаў ҳүжжетиниң талабы ықтыярлы түрде орынланбағанлығы себепли, оның атында анықланған метан қуйыў шақапшасы тийисли тәртипте хатлаўға алынған.
Хатланған мүлк жәми 7 миллиард 656,5 миллион сумға баҳаланып, электрон онлайн-аукцион саўда майданшасы арқалы сатыўға шығарылған.
Бул мүлк өткерилген аукцион саўдаларында 3 миллиард 828 миллион сумға сатылып, сатыўдан түскен пул қаржылары қарыздардың мәмлекетлик бюджет алдындағы қарыздарлығын қаплаўға қаратылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги