Миллий қәдирият ҳәм мийрасларымызды беккемлеў жолындағы жаӊа басқыш

93

Мүнәсибет

Соңғы жыллары мәмлекетимизде миллий мәдений мийрасларымызды қәстерлеп сақлаў ҳәм раўажланыў талаплары тийкарында жетилистириў, сондай-ақ, дүнья жәмийетшилигине мүнәсип тәризде усыныў мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилди. Әсиресе, Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Қарақалпақстан Республикасына сапары ўақтында берилген тапсырмалар халқымыздың әсирлер даўамында жетип келген бийбаҳа мәдений мийрасын қорғаў, оны жаңа басқышқа алып шығыў ҳәм халықаралық көлемде кеңнен үгит-нәсиятлаў бағдарында әҳмийетли ҳәрекетлерге жол ашты.

Мине, усы ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Президент Администрациясының басшысы Саида Мирзиёеваның басшылығында алып барылып атырған системалы ҳәм әмелий жумыслар бүгин өзиниң айқын нәтийжесин кѳрсетпекте. Усы жылдың 8-13-декабрь күнлери Ҳиндстанның Нью-Дели қаласында өткерилген ЮНЕСКОның материаллық емес мәдений мийрасты қорғаў бойынша ҳүкиметлер аралық комитетиниң 20-сессиясы шеңберинде Қарақалпақстан халқы ушын тарийхый әҳмийетке ийе болған қарарлар қабыл етилди.

Усы сессияда “Қобыз жасаў ҳәм атқарыўшылық өнери” ЮНЕСКОның материаллық емес мәдений мийрасын жедел қорғаў дизимине киргизилген болса, қарақалпақ халқының “Қараүй»и  “Қырғыз, Қазақ ҳәм Қарақалпақ отаўларын қурыўға байланыслы дәстүрий билим ҳәм көнликпелер” қатарында ЮНЕСКОның материаллық емес мәдений мийрасыныӊ Репрезентатив дизиминен мүнәсип орын алды. Бул қарарлар көп миллетли Қарақалпақстан, пүткил Өзбекстан халқы ушын шексиз қуўаныш ҳәм мақтаныш дерегине айланды.

Қобыз – түркий халықлар тарийхында ең әййемги саз әсбапларынан бири болып, оның тамырлары мың жылларға барып тақалады. Әсирлер даўамында қобыз жыраўлар ҳәм бақсылардың қолында эпикалық дәстанларды, халықтыӊ тәғдирин, арзыў-нийетлерин ҳәм руўхый қүдиретин сәўлелендиретуғын муқаддес саз сыпатында жаңлап келген. Қарақалпақ жыраўшылығында қобыз тек ғана музыкалық әсбап емес, ал сөз, нама ҳәм руўхтың үнлеслигин тәмийинлеўши көркем-руўхый қурал есапланады.

Қара үй – қарақалпақ халқының көшпели ҳәм ярым көшпели турмыс тәризине бейимлескен дәстүрий турақ жай формасы болып, 6, 8, 12 қанатлы болыўы менен басқа халықлардыӊ отаўларынан өзгешеленип турады.

Көп қанатлы қара үйлер  тәбият шараятына сәйкес қурылған ҳәм олардың ҳәр бири халықтың жәмийетлик турмысы, шаңарақлық тәртип, миймандослық ҳәм аўызбиршилик дәстүрлерин жәмлеп, әсирлер даўамында қәлиплескен дөретиўшилик ҳәм архитектуралық ой-пикирдиң айқын үлгиси болып табылады.

ЮНЕСКО тәрепинен бул еки сийрек ушырасатуғын мийрастың халықаралық дәрежеде тән алыныўы олардың тарийхый, руўхый ҳәм мәдений қунын және де арттырып, келешекте илимий изертлеўлер, билимлендириў бағдарламалары, устаз-шәкирт дәстүрлерин раўажландырыў, сондай-ақ, халықаралық мәдений бирге ислесиўди кеңейтиў ушын беккем тийкар жаратады. Бул болса жас әўладты миллий қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўда да үлкен әҳмийетке ийе. Соның менен бирге, бул Қарақалпақ халқы ушын да терең руўхый жуўапкершиликти жүзеге келтиреди: әўладлардан қалған мийрасты қәстерлеп сақлаў, оны раўажландырыў ҳәм келешекке жеткериў ҳәр бир қарақалпақ шаңарағы ҳәм жәмийетимиз ушын муқаддес ўазыйпа болып есапланады.

Халқымыздың миллий қәдириятларын, мәдений мийрасын көздиң қарашығындай сақлаў ҳәм келешек әўладларға жеткериў – “Миллий тикланиш” демократиялық партиясының тийкарғы ўазыйпаларыныӊ бири болып, партиямыздың бағдарламадағы мақсетлеринде миллий өзликти беккемлеў, тарийхый мийрасты қорғаў, оның ҳуқықый кепилликлерин күшейтиў мәселелери айрықша орын ийелейди.

Бул бағдарда нызамшылық жумысы да избе-из жетилистирилип атырғанын атап өтиўимиз керек. Материаллық емес мәдений мийрас объектлерин қорғаў, оларды мәмлекетлик дизимге алыў, қоллап-қуўатлаў механизмлерин күшейтиў, тараўда жумыс алып барып атырған усталар, көркем өнер шеберлери ҳәм дөретиўшилик мектеплерди хошаметлеўге қаратылған ҳуқықый нормалар ислеп шығылмақта.

Ѳз гезегинде, ЮНЕСКО дизимине киргизилген мийрас объектлери нызамшылық басламаларын буннан былай да кеңейтиў, тараўды комплексли раўажландырыў ушын беккем тийкар болып хызмет етеди.

Усы орында, ѳзлериниң таланты, шеберлиги ҳәм мийнети арқалы халқымыздың бай мәдений мийрасларын қәстерлеп сақлап, әўладлар арасында бай дәстүрлеримизди беккемлеп киятырған жыраўлар, қобыз усталары ҳәм қара үй шеберлерине мине, усы жоқары жуўапкершиликти ийинлеринде көтерип, халқымыздыӊ бай көркем өнерин, миллий мийрасларын келешек әўладларға жеткериў сыяқлы жуўапкершиликли жумысларында табыслар тилеймиз.

 

 

Руслан Джумамуратов,

Олий Мажлис Нызамшылық палатасыныӊ депутаты,

ӨзМТДП фракциясы ағзасы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги