Ойын алдынан өткерилген әҳмийетли ушырасыў

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев «Арал» футбол командасының ағзалары менен ушырасты.
Онда дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығы Президентимиздиң басшылығында спорт тараўын, соның ишинде, футболды раўажландырыў ҳәм ғалаба ен жайдырыў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти ҳәм әҳмийетли ойын алдынан команда ағзаларына әўмет тиледи.



Бүгинги күнде Про-лигада ойнап атырған «Арал» футбол командасының алдында әҳмийетли ойын күтип турғанлығын атап өтиў керек. Яғный, 16-декабрь күни Суперлигада ойнаў жолламасы ушын Бухара ўалаятының «Бухара» командасы менен ойын өткериледи.
Әлбетте, Про-лиганың бул ойынында футбол ықласбентлери командамыздан жоқары нәтийжелерди күтип қалады.
Соны да айрықша айтыў керек, «Арал» футбол командасы бул ойында жеңиске ериссе, 24 жыллық тәнепистен соң узақ күтилген Суперлигада ойнаў имканиятын қолға киргизеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги