Жаслар арасында V Параазия ойынларының жеңимпазлары – Өзбекстан спорт делегациясы ағзаларына

50

Қәдирли қаҳарман ул-қызларым!

Ҳүрметли устаз-тренерлер!

Ҳүрметли ата-аналар!

Бәринен бурын, бәршеңизди V Жаслар Параазия ойынларында ерисилген үлкен тарийхый жеңис пенен қызғын қутлықлайман.

Бирлескен Араб Әмирликлериниң Дубай қаласында континентимиздиң 35 мәмлекетинен келген 1 мың 500 ден аслам спортшылар арасында болып өткен оғада кескин беллесиўлерде сизлер мәртлик ҳәм жигерлилик пазыйлетлерин көрсетип, жарыслардың ҳақыйқый қаҳарманларына айландыңыз ҳәм Өзбекстан паралимпия ҳәрекети тарийхында және бир жарқын бет аштыңыз.

Бул абырайлы спорт әнжуманында сизлерди көп миллетли пүткил халқымыз қоллап-қуўатлап, бәршеңизге табыс ҳәм әўметлер тилеп турды.

Мине усындай жоқары исенимди мақтаныш пенен ақлап, 99 алтын, 57 гүмис, 41 бронза медаль менен улыўма командалық есапта Азия континентинде 1-орынды ийелеп, жеңимпазлық минберине көтерилгениңиз мүбәрек болсын!

Турнир даўамында Өзбекстан гимни дерлик 100 мәрте жаңлағаны сизлердиң Ўатанымыздың даңқын дүньяға жайыўға қандай шексиз үлес қосқаныңыздан дерек береди.

Сизлер үлкен күш-ғайратыңыз, беккем ерк-ықрарыңыз ҳәм умтылысыңыз бенен Азияның миллий спорты жедел раўажланып атырған Иран, Япония, Таиланд, Индонезия сыяқлы мәмлекетлериниң командаларын да артта қалдырыўға еристиңиз.

Өзбекстан Паразия ойынлары тарийхында бундай рекорд нәтийже, бундай уллы жеңис бурын ҳеш қашан болмаған еди. Әлбетте, сизлер елимиз спортында даңқлы тарийх ҳәм дәстүрлер жаратып атырған жаслар, шебер қәнигелер сыпатында жоқары алғысқа ҳәм хошаметлерге мүнәсипсиз.

Пүткил халқымыз, жанажан Ўатанымыз сизлер менен мақтанады. Сизлер Өзбекстан паралимпия ҳәрекетиниң алтын әўлады, алтын ўәкиллерисиз.

Бундай қаҳарман жасларымызға даңқ болсын!

Әсиресе, пара пауэрлифтингши ул-қызларымыз Баҳриддин Холбўтаев, Элбек Фарҳадов, Ойшажан Ражаббоева, Рухшона Ўктамова өз салмақ категорияларында жәҳән рекордын, Нурилло Инобиддинов, Эзоза Абдужабборова, Азизбек Пердебаев, Рухшона Ўктамова, Зиёдахон Боқижонова, Зуҳра Йўлдашева, Гулюз Нематуллаева болса Азия рекордын орнатқанын айрықша атап өтиў керек.

Және бир әҳмийетли тарийхый нәтийже – спортшы қызларымыз Мадина Мухторова, Фароғат Мухаммадқулова, Моҳичехра Ибрагимова пара жеңил атлетиканың ядро ҳәм найза ылақтырыў бағдарламалары шеңбериндеги маўасасыз беллесиўлерде қарсыласларына улыўма имканият қалдырмастан, пүткил медальлар топламын Өзбекстанға алып келди.

Булардың барлығы – сизлердиң тынымсыз мийнетиңиз, беккем ерк-ықрарыңыз, талант ҳәм шеберлигиңиз, қалаберсе, елимизде инсан қәдирин әмелде тәмийинлеўге қаратылған системалы жумысларымыздың нәтийжеси, десек, әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз.

Сизлер ерискен үлкен жеңис Жаңа Өзбекстан жаслары қандай үлкен шеклерди ийелеўге уқыплы екенин әмелде және бир мәрте көрсеткени менен де оғада әҳмийетли болып есапланады. Бул жеңис, әлбетте, мыңлаған жасларымызға мақтаныш, умтылыс ҳәм илҳам дереги, үлкен тәжирийбе мектеби болып хызмет етеди.

Пурсаттан пайдаланып, сизлерди мине усындай баҳадыр, мәрт ҳәм палўан перзентлер етип тәрбиялаған, ийгиликли умтылысларыңызды бәрқулла қоллап-қуўатлап киятырған ата-аналарыңыз, шебер ҳәм жанкүйер устазларыңызға, барлық ықласбентлериңизге шын кеўилден миннетдаршылық билдиремен.

Әзиз спортшы ул-қызларым,

Қәдирли устазлар!

Хабарыңыз бар, жақында мәмлекетимизде Паралимпия ҳәрекетин буннан былай да раўажландырыў бойынша арнаўлы қарар қабыл еттик.

Бул қарар сизлердиң келешектеги жумысыңыз ушын қосымша түрде жаңа шараят ҳәм имканиятлар жаратыў, спорт әлеминдеги жетискенликлердиң салмағын және де арттырыўға хызмет ететуғынына исенемен.

Және бир әҳмийетли тәрепи – соңғы жылларда Социаллық қорғаў миллий агентлигин дүзип, өз алдына Адаптив спорт түрлери ассоциациясының жумысын жолға қойдық.

Сондай-ақ, бул системада Шеберлик мектебин ҳәм тараўда қәнигелер таярлаў бойынша институт шөлкемлестирдик.

Нәтийжеде адаптив спорт түрлериндеги бағдарлардың саны 89 ға жеткерилип, елимиз мәҳәллелеринде усы спорт түрлери менен турақлы шуғылланыўшылардың саны 45 мыңнан асты.

Елимизде инклюзив жәмийет қурыў, майыплығы болған шахслардың социаллық бейимлесиўин тәмийинлеўге қаратылған реформаларымыз әлбетте избе-из даўам еттириледи.

Ўатанымызға жоқары меҳир ҳәм садықлығы, беккем ерк-ықрары ҳәм мәртлиги менен миллионлаған перзентлеримизге өрнек болып атырған сизлер сыяқлы қаҳарман ул-қызларымды Жаслар арасындағы Параазия ойынларында қолға киргизген тарийхый жеңисиңиз бенен және бир мәрте шын кеўлимнен қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, алдағы жумысыңызда үлкен әўмет ҳәм табыслар тилеймен.

 Шавкат Мирзиёев,

Өзбекстан Республикасы Президенти