Рейд илажлары өткерилмекте

Мәжбүрий орынлаў бюросы ҳәм Ишки ислер министрлигиниң Мәмлекетлик жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети арасында “Биргеликтеги көрсетпе”ге тийкарланып, арнаўлы жумысшы топарлар дүзилип, олар тәрепинен “AutoCon-SC/M-online” ҳәм “Планшет” үскенелери жәрдеминде қала ҳәм районлардың орайлық көшелеринде және аймақлық жол-патруль хызмети стационар постларында рейд илажлары турақлы түрде өткерилмекте.
Бул илажларды өткериўден гөзленген тийкарғы мақсет Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармалары хызметкерлери тәрепинен жол ҳәрекети қағыйдаларын бузғаны ушын қолланылған ҳәкимшилик жәриймаларды өндириў болып есапланады. Онда олар тәрепинен пайдаланылып атырған “AutoCon-SC/M-online” ҳәм Бюро хызметкерлери тәрепинен пайдаланылып атырған “Планшет” үскенелеринде жол ҳәрекети қағыйдаларын бузған шахслар ҳәм оларға тийисли автомашиналар ҳаққындағы мағлыўматлар онлайн түрде көринип, усы үскенелер жәрдеминде қала ҳәм районлар көшелеринде ҳәрекетленип киятырған автотранспорт қуралларында қарыздарлық бар яки жоқ екенлиги анықланады.


Усындай илажлар Елликқала ҳәм Тақыятаста да өткерилип атырған болып, онда қарыздарлығы бар автомашиналар дәрҳал тоқтатылып, арнаўлы жәрийма майданшасына жибериледи. Қарыздарлық қапланбаған жағдайда өндириў усы автомашиналарға қаратылып, автомашиналарды аукцион саўдаларына шығарып сатыўға шекем орынлаў ҳәрекетлери алып барылады. Бундай жағдайлардың алдын алыў мақсетинде автомашина басқарыўшыларынан жол ҳәрекети қағыйдаларына қатаң әмел етиў соралады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги