Энергетика министриниң мәлимлемеси тыңланады

Халық ҳәм социаллық тараў объектлерин үзликсиз электр энергиясы менен тәмийинлеў, әсиресе, гүзги-қысқы мәўсимде электр тармақларындағы үзилислерди сапластырыў әҳмийетли мәселе болып есапланады. Бул бағдарда Нызамшылық палатасына халық ўәкиллеринен бир қатар мүрәжатлар келип түспекте.
Парламенттиң төменги палатасының мәжилисинде Өзбекстан Республикасы энергетика министри Ж.Мирзамаҳмудовтың “Энергия тәмийнатының турақлылығын тәмийинлеў, халыққа хызмет көрсетиўдиң сапасын жақсылаў ҳәм гүзги-қысқы мәўсимге таярлық бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳаққында”ғы мәлимлемесин тыңлаў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде энергетика тараўын жедел раўажландырыў, энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў, халық ҳәм экономика тармақларын турақлы, үзликсиз ҳәм сапалы электр энергиясы менен тәмийинлеў, халыққа көрсетилип атырған хызметлердиң сапасын арттырыў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Тараўдың ҳуқықый тийкарлары жетилистирилип барылмақта.
Соның менен бирге, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутатлары тәрепинен орынларға шығып үйрениўлер процесинде тутыныўшыларға сапалы ҳәм үзликсиз электр энергиясын жеткерип бериўге байланыслы айырым мәселелер бақланбақта.
Депутатлар тәрепинен энергия тәмийнатындағы машқалалар, оларды сапластырыў бойынша көрилип атырған илажлар, тараўға енгизилип атырған жаңалықлар, инфраструктураны модернизациялаў ҳәм халыққа хызмет көрсетиў процесин жетилистириў бойынша әмелге асырылған жумыслардың жағдайын додалаў зәрүр екенлиги атап өтилди. Соннан келип шығып, энергетика министриниң мәлимлемесин тыңлаў бойынша қарар қабыл етилди.
ӨзА