Конституция – халық еркинлиги ҳәм абаданлығы тийкары

Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң отыз үш жыллығы мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитети баслығының орынбасары Шерзод Ибрагимов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Қошқарбай Садыков ҳәм Қарақалпақстан Республикасы прокурартурасының бөлим прокуроры Низомбек Юлдашев, профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар қатнасты.
Салтанатлы кеше Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери менен басланды.
Илажды филиал директорынын жаслар маселелери ҳәм руўхыйлық-ағартыўшылык ислери бойынша биринши орынбасары Гүлмурат Хожаметов кирис сөз бенен ашып берди.
Онда шығып сөйлеген тараў ўәкиллери филиал жәмәәтин Өзбекстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенлигиниң 33 жыллығы менен қызғын қутлықлап, елимиздиң дүнья сиясий майданында ғәрезсиз мәмлекет сыпатында өз орнына ийе болыўы, раўажланыў жолын белгилеп, жылдан-жылға абырайының артып барыўы тиккелей бас Нызамымызға байланыслы екенлигин атап өтти. Әсиресе, халықтың абаданлығын тәмийинлеўде – Конституцияның орны ҳәм әҳмийети жоқары екенлиги, мәмлекеттиң келешеги усы ҳүжжетте өз сәўлелениўин тапқанлығына тоқталды.

– Бүгин елимизде жүз берип атырған жаңаланыўлар, демократиялық ҳуқықый мәмлекет қурыў, пуқаралық жәмийетин қәлиплестириў жолында ерисип атырған жетискенликлеримиздиң барлығы Конституцияда көрсетилген тийкарғы принциплердиң турмысқа толық енгизилиўи менен байланыслы, – дейди Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Қошқарбай Садыков. – Тийкарғы нызамымыз өзиниң терең ойланған принциплери ҳәм қағыйдалары менен ажыралып, елимиздиң тәғдирин, ҳәр бир инсанның ҳуқықлары менен еркинликлерин белгилеўде әҳмийетли ҳүжжет болып есапланады.
Салтанатлы байрам илажы филиал студентлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшы