Халықтың даўысы менен асфальтланған жол

Соңға ўақытлары «Басламалы бюджет» тийкарында жеңимпаз болған аймақларда абаданластырыў ислери алып барылып, халқымызға қолайлы шараятлар жаратылмақта. Ҳәзирги ўақытта да бул бағдарламаның усы жылдағы екинши мәўсими даўам етип, орынларда жуўапкерлер тәрепинен қызғын жумыслар әмелге асырылмақта.

Нөкис районы аймағындағы жергиликли әҳмийетке ийе 95В087 “95В130 автомобиль жолы (5 км.ден) – “Қутанкөл” АПЖ – Мамықшы аўылы – “Кердер” АПЖ” автомобиль жолының 14-15-километр бөлегинде асфальтлаў жумыслары алып барылды. Бул жумыслар Нөкис районы жоллардан пайдаланыў мәмлекетлик шөлкеми тәрепинен әмелге асырылды. Атап өтиў орынлы, бул жол участкасы “Басламалы бюджет” бағдарламасының 2025-жыл 2-мәўсиминде жеңимпаз болған еди.
И.Утеўлиев, Бердақ атындағы ҚМУ дың қарақалпақ филологиясы журналистика факультетиниң 4-курс студенти, Қарақалпақстан хабар агентлиги.