ChatGPT’да жаңа тәртип: жас өспиримлерди анықлаў бойынша тексериў енгизилди

32

ChatGPT пайдаланыўшы 18 жасқа толмағанынан гүманланғанда, оннан паспорт арқалы шахсын тастыйықлаўды сорай баслады. Тексериўден өтпегенинше система “тек үлкенлер ушын” деп белгиленген темаларды додалаў имканиятын шеклейди. Айырым жағдайларда бул талап ҳәттеки ер жеткен пайдаланыўшыларға да қолланылмақта – олардан бири 30 жаста болса да, тастыйықлаў соралғанын билдирген.

OpenAI бул функцияның басқышпа-басқыш енгизилип атырғанын ҳәм ҳәзирги ўақытта тийкарынан инглис тилинде сөйлесетуғын аймақларда сынақ тәризинде қолланылып атырғанын тастыйықлады. Компанияға бола, жаңалықтың мақсети жасқа байланыслы шеклеўлерге әмел етиў ҳәм жас өспиримлерди мақул болмаған контенттен және де нәтийжели қорғаў болып есапланады.

Сондай-ақ, OpenAI паспорт мағлыўматлары қәўипсизлик талапларына толық әмел еткен ҳалда қайта исленетуғынын мәлим етти: мағлыўматлар шифрланған тәризде жибериледи, тек ғана жасты тастыйықлаў ушын қолланылады ҳәм ҳүжжетлер ашық түрде сақланбайды.

Бул жаңалық аудитория тәрепинен түрлише қабыл етилди. Айырым пайдаланыўшылар басламаны санлы қәўипсизликти күшейтиўге қаратылған логикалық қәдем сыпатында баҳалаған болса, басқалары механизмниң артықша ҳәм айырым жағдайларда надурыс ислеўин атап өтип, тийкарсыз шеклеўлерге дус келип атырғанын сынға алмақта.

OpenAIдиң атап өтиўинше, тексериўдиң ҳәзирги талқылаўы сынақ характерине ийе. Компания пайдаланыўшылардың пикир-усынысларын үйренип, жасты тастыйықлаўдың альтернатив усыллары – соның ишинде, банк карталары ямаса электрон санлы идентификаторлардан пайдаланыў имканиятын көрип шықпақта.

 

Мадинабону НАСРИЕВА,

Улуғбек ТОХТАЕВ,

ӨзАның хабаршылары