Азатлық жолында гүрескен ойшыл ҳаққында фильмниң презентациясы

40

Пайтахтымыздағы Миллий баспасөз орайында жақында өткерилген Түрк дүньясы ҳүжжетли фильмлер фестивалында сыйлы орынға ылайық көрилген “Түркстан қайғысы” фильминиң презентациясы өткерилди.


Фильм уллы илимпаз Әлихантөре Сағунийдиң даңқлы өмир жолына бағышланғаны менен әҳмийетли.

Өзбекстан Журналистлер аўқамы тәрепинен шөлкемлестирилген бул презентация илажына медиа тараўының ўәкиллери, илимпазлар, дөретиўшилер мирәт етилди.

Илажда миллет тәғдири, оның азатлығы ҳәм еркинлиги ушын өмирин бағышлаған пидайы бабаларымыздың аты тарийхта мәңги қалыўы, олардың ийгиликли ислери, теберик идеялары халқымыздың қәлбинде мәңги жасап қалатуғыны айрықша атап өтилди.

Презентацияда шебер дөретиўши, автор, белгили тележурналист Рузибой Қўлдошев ҳәм фильм режиссёры Шарофиддин Тожибоев бул тарийхый темадағы ҳүжжетли картинаны жаратыўда үлкен жуўапкершилик пенен қатнас жасағаны айрықша атап өтилди.

Ҳақыйқатында да, ҳәр бир халықтың дүнья халқына мақтанып көрсетиўге арзыйтуғын перзентлери болады. Бул бағдарда түрк дүньясы ҳақылы түрде өзин бахытлы санаўға арзыйды. Түркий дүньяда жетилисип шыққан ҳәм түрли халықлар ҳүрметине ерискен уламаларымыздың ибратлы жумысы пикиримиздиң айқын дәлили.

Мине, усындай тулғалардың бири XX әсирдиң жетик тулғалары қатарынан орын алған ағартыўшы бабамыз, энциклопедиялық билим ийеси, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, өзбек маршалы Әлихантөре Сағуний болып есапланады.

Әлихантөре Шокирхонтора улы Сағуний 1885-жылы Түркстанның әййемги мәканларынан бири Баласағунда туўылған еди. (Ҳәзир бул аймақ Қырғызстанда жайласқан Тоқмақ қаласы.) Ҳаслы ата-бабалары әндижанлы болған бул шаңарақтың перзентлери илим-ағартыўшылық пенен шуғылланған.

Мағлыўматларға қарағанда, Әлихантөре Сағуний колонизатор ҳәкимияттың жергиликли халықты мәрдикарлыққа алыў сиясатына қарсы шыққаны ушын патшаның жасырын полициясы тәрепинен қуўдаланған. 1916-жылғы көтерилис аяўсыз бастырылғаннан кейин, сиясий эмигрант сыпатында Қашқар (Қытай)ға кетти, кейин Шығыс Түркстан (Гулжа қаласы) ға барды.

Көпшилик арасында еркинлик идеяларын үгит-нәсиятлағаны ушын 1937-жылы Қытай ҳәкимшилиги тәрепинен қамаққа алынып, өмирлик қамақ жазасына ҳүким етилди. 1941-жылы әдиллик тексериўлериниң нәтийжесинде азат етилди. 1944-жыл 12-ноябрьде Шығыс Түркстан республикасы жәрияланды ҳәм Әлихантөре Ўақытша революциялық ҳүкиметтиң баслығы етип сайланды. Миллий армия басламашысы болды ҳәм оған командир етип тайынланды. 1946-жылы июньде совет тыңшылары тәрепинен жасырын түрде күш пенен Ғулжадан алып шығылған. Әлихантөре өмириниң ақырына шекем Ташкентте, үй қамағында жасады. Ҳәр қәдеми қадағалаў астында болыўына қарамастан, ярым ақшамлары, уйқыламай шығармалар жазды. Нәтийжеде бүгин де бийбаҳа шығарма болып қалған “Түркстан қайғысы”, “Тарихи Муҳаммадий” шығармалары дүньяға келди.

Буннан тысқары, уллы алым Аҳмад Доништиң “Наводир-ул вақое”,  Дорвиш Али Чангийдиң “Музыка китабы”, сондай-ақ, “Темур тузуклари” сыяқлы шығармаларды аўдармалады. Әлихантөрениң “Девони Соғуний” қосықлар топламы, “Тарихи Муҳаммадий”, “Шифо ул-илал” (“Кеселликлердиң даўасы”) ҳәм басқа да шығармалары китапқумарлар арасында белгили. Әлихантөре тарийхый архитектуралық естеликлер ҳәм әййемги қолжазбаларды сақлап қалыўда жанкүйерлик көрсеткен. Өмириниң үлкен бөлимин Шығыс Түркстанда миллий азатлық ҳәрекетин басқарыў исине сарплады, Түркстан қайғысы ҳәм миллет дәрти менен жасады.

Фильмде Әлихантөре Сағунийдиң Түркстан қайғысы жолындағы хызметине айрықша итибар қаратылған. Сондай-ақ, Әлихантөре Сағуний түрк дүньясында бирден-бир маршал әскерий атағына ийе болған шахс.

Ҳүжжетли фильм алымның усы тәреплерин илимпазлар, оның перзентлериниң турмыслық гүрриңлери арқалы ашып бергени менен дыққатқа ылайық. 148 ҳүжжетли фильм усыныс етилген фестивальда “Түркстан қайғысы” фильминиң авторы Рўзибой Қўлдошев “Түрк дүньясы арнаўлы сыйлығы”на миясар болған еди.

Быйыл болып өткен “Түрк дүньясы ҳүжжетли фильмлер” фестивалында жеңимпаз болған кинофильмлердиң презентациясы ҳәр бир Түркий мәмлекетте болып өтип атырғанын атап өтиў керек. Соның ишинде, Әзербайжан, Қырғызстан, Македония ҳәм Қазақстан Республикаларында өткерилди. Енди болса фестивальдың “Түрк дүньясы арнаўлы сыйлығы” менен сыйлықланған “Түркстан қайғысы” ҳүжжетли фильминиң презентациясы Ташкентте де өткерилди.

Пайтахтымызда болып өткен презентация илажында фильм дөретиўшилерине Түрк дүньясы Журналистлер федерациясының баслығы Мендерес Демир тәрепинен “Түрк дүньясы арнаўлы сыйлығы” тапсырылды.

Назокат Усмонова, ӨзАның хабаршысы