Қытай әскерий күшлерин жедел беккемлемекте

36

“Ynet”басылымының жазыўынша, Ҳинд-Тыныш океаны регионында жаңа суўық урыс күшеймекте. Атап айтқанда, Қытай әскерий потенциалын арттырыў мақсетинде Екинши жер жүзилик урыстан кейинги дәўирде ең күшли ҳәрекет баслағаны айтылмақта. Чин мәмлекети армияны жетилистирип, ракета ҳәм ядро имканиятын жүдә тез кеңейтпекте. АҚШтың есап-санағына бола, Пекин 2027-жылға келип Тайваньды әскерий көзқарастан ийелеп алыўға таяр турыўды қәлейди.

ҚХР Баслығы Си Цзиньпин Халық азатлық армиясын реформаламақта, коррупцияға қарсы оғада кескин гүрес алып бармақта, теңиз флоты, ҳаўа ҳәм ракета күшлерин жетилистириў ушын рекорд муғдарда қаржы жумсамақта. Мәмлекет жаңа баллистикалық ракеталар, үшинши жергиликли авиа тасыўшы қуралларды көрсетип, қурал-жарақ резервин бурынғыдан әдеўир тез кеңейтиў арқалы ядролық “үшликти” күшейтпекте.

Си Цзиньпин ҳәм АҚШ Президенти Дональд Трамп арасындағы “дипломатиялық жыллы жүзлиликлер”ге қарамастан, кескинлик күшеймекте. Вашингтон ядролық сынақты қайта баслайтуғынын жәриялады, региондағы АҚШ аўқамласлары Қытайдың қайта қуралланыўы көлеминен қәўетерге түскен. Қәнигелер Пекин Украинадағы урыс тәжирийбесин жедел үйренип атырғаны, күшли ракета ҳүжимлери берилиўи, келиспеўшилик жүзеге келген жағдайда Тайвань қамал етилиўи мүмкин екенлигинен ескертпекте.

Соның менен бирге Қытай қоңсыларына да басымды күшейтпекте. Қубла Қытай теңизинде тартыс ҳәўиж алмақта, Япония менен кескинлик артпақта, Тайвань әтирапындағы әскерий шынығыў барған сайын кең көлемге ийе болмақта.

Экспертлердиң атап өтиўинше, Пекин Қурама Штатлар менен технологиялық ҳәм әскерий айырмашылықты тез сапластырады. Регион алдыннан айтып болмайтуғын жағдайға жақынласпақта, суўық қарама-қарсылық ашық түрге өтиў қәўпи артпақта.

С.Раҳимов, ӨзА