Дийўаллар емес, көпирлер қурылып атырған мәкан – жаңа Орайлық Азия

Мүнәсибет

Бүгин дүнья жәмийетшилигиниң көз алдында Орайлық Азия тарийхый жаңа басқышқа қәдем қоймақта. Итибарлысы, бул процесс тек ғана геосиясий ўақыя емес, ал регион халықларының санасы, мәмлекетлер арасындағы қатнасықларда терең сапа өзгериси арқалы әмелге аспақта.
Бир сөз бенен айтқанда, жаңа Орайлық Азия – бул исеним, жақсы қоңсышылық, өз-ара ҳүрмет ҳәм биргеликтеги жуўапкершилик тийкарында қурылып атырған мәканға айланды. Әлбетте, бул процесс өз-өзинен пайда болған тәбийғый жағдай емес, ал региондағы барлық мәмлекет басшыларының узақты гөзлеген сиясий күшлилиги, табыслы дипломатиясы ҳәм халықлар ерк-ықрарының көриниси болып есапланады.
Орайлық Азияда қәлиплесип атырған жаңа сиясий орталық регионымыздың келешектеги турақлылығы ҳәм абаданлығы ушын тийкарғы шәрт болып есапланады. Президентимиздиң айтқанындай, аўызбиршилик бүгин тек ғана руўхый қәдирият емес, ал стратегиялық зәрүрликке айланды.
Себеби, региондағы ҳәр бир мәмлекет өзиниң раўажланыў жолын еркин белгилеген ҳалда, улыўмалық мәплер тийкарында қоңсылар менен бирге ислесиўди кеңейтиўге умтылмақта. Бул процесстиң мәниси “қоңсының табысы мениң жеңисим” деген жаңа регионаллық сана-сезимде де жәмленген.
Кейинги сегиз жыл даўамында Орайлық Азия мәмлекетлериниң жалпы ишки өними дерлик еки ярым есеге өсип, 520 миллиард долларға, сыртқы саўда көлеми болса еки еседен зыят көбейип, 253 миллиард долларға жетти. Соның менен бирге, регион мәмлекетлери арасындағы өз-ара саўда көлеми 2 есеге артып, дерлик 11 миллиард долларға, өз-ара инвестициялар болса 5,6 есеге жетти.
Бир ғана мәмлекетимизди алатуғын болсақ, Өзбекстанның регион мәмлекетлери менен товар алмасыў көлеми 2016-жылдағы 2,4 миллиард доллардан 2024-жылы 7,2 миллиард долларға жетти, қоспа кәрханалардың саны болса 1800 ден асты. Бул санлардың артында жүз мыңлаған жаңа жумыс орынлары, қоспа өндирислер ҳәм халықтың турмыс дәрежесиниң реал өсиўи бар.
Сонлықтан, региондағы экономикалық процесслер бизиң улыўма келешегимизге хызмет етпекте. Санааттағы 6 процентлик жыллық өсиў, бул көрсеткиштиң жәҳән орташа көрсеткишинен еки есе жоқары екени Орайлық Азия потенциалының ашық дәлили болып есапланады.
Бирге ислесиўдеги жаңа механизмлер, биргеликтеги инвестициялық фондлар, шегара алды саўда зоналары, халықаралық санаат кооперациясы орайлары регионаллық раўажланыўдың драйверине айланбақта. Бүгин тек ғана ири санаат жойбарлары емес, ал киши ҳәм орта бизнес субъектлери де регионаллық экономикалық аўызбиршиликтен пайда көре баслады.
Қалаберди, 2025-2027-жылларға мөлшерленген санаат кооперациясы бойынша Ҳәрекетлер режеси регионымыздың “ишки экономикалық интеграция картасы”на айланды. Бул реже әмелге асырылса, Орайлық Азия тек ғана ресурслар экспортёры емес, ал жоқары қунлы өнимлер ислеп шығаратуғын регионаллық санаат орайына айланыўы мүмкин.
Сондай-ақ, Президентимиздиң мақаласында атап өтилгениндей, кейинги жылларда тек ғана сиясий ямаса экономикалық емес, ал гуманитарлық тараўда да мисли көрилмеген дәрежеде жақынласыў бақланбақта. Орайлық Азия ҳаял-қызларының сөйлесиўи, Жаслар платформасы, ректорлар ҳәм илимпазлар форумлары, мәдений ҳәм спорт илажларының турақлы өткерилиўи бул халықларымыз арасындағы исеним ҳәм дослықты беккемлеп атырған әҳмийетли процесслер болып есапланады.
Әҳмийетлиси, сөйлесиўлер нәтийжесинде адамлар бир-бирине жақынласпақта, руўхый шегаралар жоғалып, әпиўайы пуқаралар оны өз турмысында сезинбекте. Жаңа шегара өткериў пунктлери, көбейип атырған авиақатнаўлар, темир жол ҳәм автобус жөнелислери бул исенимниң әмелий көриниси. Бүгин регионаллық туризмде ишки ағым 80 проценттен артқаны халықларымыз бир-бирин жақыннан билиўге, тарийх ҳәм мәдениятты өз-ара түсиниўге умтылып атырғанынан дәрек береди.
Президентимиз алға қойған және бир әҳмийетли пикир бүгин Орайлық Азия халықаралық қатнасықларда өз мәплерин анық белгилей алатуғын бийғәрез ҳәм жуўапкершиликли субъектке айланды. Соның ишинде, “Орайлық Азия плюс” форматлары – Европа Аўқамы, Қытай, Россия, АҚШ ҳәм басқа да жетекши мәмлекетлер менен регионаллық сөйлесиў платформалары регион даўысының жәҳән майданында барған сайын бәлент еситилип атырғанын көрсетеди.
Енди сыртқы шериклер Орайлық Азияға өз алдына мәмлекетлер жыйындысы сыпатында емес, ал бирден-бир регионаллық күш сыпатында қарамақта. Бул халықларымыздың мәплерин қорғаўда ҳәм халықаралық инвестицияларды тартыўда жаңа имканиятлар есигин ашады.
Улыўма алғанда, бүгин Орайлық Азия мәмлекетлери өз тәғдирин еркин белгилей алатуғын, халықаралық жәмийетшиликте өз сөзин, тынышлық ҳәм раўажланыў моделин көрсетип атырған аймаққа айланбақта. Бул процессте Өзбекстан белсенди ҳәм интакер мәмлекет сыпатында әҳмийетли орын ийелемекте. Президентимиз алға қойған “бирлик ҳәм улыўма келешек” идеясы регионымыздың жаңа сиясий философиясына айланды.
Халық ўәкили сыпатында исеним менен айта аламыз, бүгинги “Жаңа Орайлық Азия” тек ғана мәмлекет басшыларының сиясаты емес, ал миллионлаған инсанлардың турмыслық таңлаўы болып есапланады. Бул таңлаў – тынышлық, раўажланыў ҳәм улыўма абаданлық жолы болып есапланады.
Муқаддасхон АҲМЕДОВА,
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының
Аграр ҳәм суў хожалығы мәселелери комитетиниң ағзасы.
ӨзА