Экспортёр кәрханалар ушын бизнес форум шөлкемлестирилди

65

Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында экспорт жумыслары менен шуғылланыўшы жергиликли кәрханалар ушын бизнес форум шөлкемлестирилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының жуўаплы хызметкерлери қатнасып, бажыхана тараўындағы жаңалықлар ҳәм экспорт бағдарындағы жеңилликлер бойынша үгит-нәсият жумысларын алып барды.

Илаждың тийкарғы мақсети – Қарақалпақстан исбилерменлери ҳәм сырт елли шериклер арасындағы бирге ислесиўди кеңейтиў, саўда қатнасықларын беккемлеў ҳәм аймақтағы инвестициялық орталықты жетилистириўден ибарат.

Илаж даўамында “Саўданы раўажландырыў компаниясы” АЖ тәрепинен экспортёрлар ушын көрсетилип атырған хызмет түрлери ҳәм жаңалықлар, экспорт-импорт жумысындағы жеңилликлер ҳәм қолайлы шәртлер, жаңа тәртип-қағыйдалар ҳаққында түсиниклер, “Бажыхана аймағында қайта ислеў” бажыхана режими абзаллықлары, өнимлерди қайта ислеп, таяр өним сыпатында базарға шығарылыўы, ямаса экспорт көлемин арттырыўы мүмкинлиги ҳаққында мағлыўмат ҳәм усыныслар берилди. Қарақалпақстан исбилерменлери ушын инвестициялық имканиятлар ҳәм перспективалы жойбарларды әмелге асырыў бойынша усыныслар да берилип, экспортёрлар, исбилерменлер ҳәм түрли тараў ўәкиллери – қәнигелер менен ашықтан-ашық сөйлесиў тийкарында сөйлесиўлер алып барылып, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Илажда Қарақалпақстан исбилерменлери ушын жаңа имканиятлар есигин ашып, экспорт потенциалын арттырыў ҳәм халықаралық базарларда бәсекиге шыдамлы өнимлер жеткерип бериў бойынша әмелий қәдемлер белгиленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги