Футболшыларымыз келеси басқышта

64

Кеше Қатарда даўам етип атырған U-17 жастағы футболшылар арасында даўам етип атырған жәҳән чемпионатында “J” топарында 3-тур ойынлары болып өтти.

Доҳа қаласындағы  «Aspire Academy» стадионында болып өткен Өзбекстан ҳәм Панама сайланды командалары арасында өткерилген ойынның биринши таймында панамалы футболшылар өз үстинликлерин көрсетип, бир қатар қәўипли ҳүжимлер шөлкемлестирди.

Усындай ҳүжимлердиң биринде сайланды командамыздың дәрўазаманы Ибраҳим Шокиров 11метрлик жәрийма майданы ишинде панамалы футболшыны қолы менен услап қалды ҳәм буны көрген украиналы бас төреши Олексей Деревинский ҳеш екиленбестен пенальти белгиледи.

Сайланды команда қурамында өзиниң дәслепки ойынын өткерип атырған дәрўазаманымыз ушын оғада қыйын руўхый соққы болды. Бирақ, жас дәрўазаман Ибраҳим Шокиров бул қыйын жағдайдан өзиниң шеберлиги менен шығып кетти ҳәм панамалы футболшы тәрепинен тебилген 11метрлик жәрийма тобын қайтарыўға еристи.

Екинши таймда болса, Ислам Исмаилов шәкиртлери ойындағы үстинликти өз қолларына алып, Панама дәрўазасы алдында бир қатар қәўипли ҳүжимлер шөлкемлестирди ҳәм усындай ҳүжимлердиң бирин 48-минутта Абубакир Шукуруллаев нәтийжели жуўмақлаўға еристи.

Буннан руўхланған футболшыларымыз және де өз шеберликлерин иске қосып, ойынның 52, 67, 90+1, 90+3, 90+5-минутларында 5 мәрте гол урыўға миясар болды.

Ал, панамалы футболшылар болса, бул голларға  90+10-минутта бир мәртебе жуўап қайтарыўға   еристи.

Есап 6:1.

Соны айтып өтиўимиз керек, бул ойында республикамыз ўәкили Азизбек Еримбетов еки тайм даўамында ойнап, командамыз жеңисине өзиниң салмақлы үлесин қосты.

Ал, усы топарда өткерилген екинши ойында болса, топар жетекшиси Ирландия Парагвай сайланды командасы менен ушырасып 0:0 ойнады ҳәм топар басқышын биринши орын менен жуўмақлады.

Енди сайланды командамыз ағзалары 1/16 финал ойынында Хорватия сайланды командасы менен келеси басқышқа шығыў ушын өз-ара гүрес алып барады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы