Қарақалпақстанға “Баяд” нәсилли қойлары алып келинди

43

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 17-июльдеги қарарының орынланыўы шеңберинде Қарақалпақстанға Монголиядан жәми 1 мың 247 бас “Баяд” нәсилли қойлары алып келинди.

Бул қойлардың 1000 басы ушын 2,4 миллиард сум, 247 басы ушын 592,8 миллион сум жеңиллетилген банк кредити ажыратылды.

Алып келинген қойлар жоқары өнимдарлығы ҳәм жергиликли климатқа бейимлесиўшеңлиги менен ажыралып, шарўашылықты раўажландырыў ҳәм өнимниң сапасын арттырыўға хызмет етеди.

Қарарға муўапық, 2025-жыл 1-августтан 2027-жыл 31-декабрьге шекем фермер хожалықлары ҳәм аўыл хожалығы кәрханаларына жыллық 10 процент ставкада (соның ишинде, 3 процент банк маржасы), 5 жыл мүддетке ҳәм 2 жыллық жеңиллетилген дәўир менен кредит қаржылары ажыратылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги