Өзбекстан бажыхана системасында халықаралық стандартлар енгизилмекте

49

Бажыхана комитетинде “Халықаралық почта ҳәм курьерлик жөнелтпелери халықаралық стандартларын енгизиў” темасында семинар-тренинг болып өтти. Илаж 4-7-ноябрь күнлери Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийети (GIZ) “Орайлық Азияда саўда процесслерин әпиўайыластырыў” регионаллық жойбары шеңберинде ҳәм Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыўына жәрдемлесиў мақсетинде шөлкемлестирилди.

Семинардың ашылыўында Бажыхана комитетиниң жуўапкер басшылары, тийисли басқармалардың қәнигелери, “Өзбекстан почтасы” АЖ, Санлы технологиялар министрлиги ҳәм Перспективалы жойбарлар миллий агентлигиниң ўәкиллери қатнасты.

Илаж даўамында халықаралық почта ҳәм курьерлик жөнелтпелери менен байланыслы процесслерди жетилистириў, бажыхана қадағалаўы ҳәм рәсмийлестириўди санластырыў және электрон мағлыўматлар алмасыўын әпиўайыластырыў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.

Семинар халықаралық эксперт Дитмарт Йорст тәрепинен алып барылды.

Тренинг шеңберинде “Ташкент-AERO” қәнигелестирилген бажыхана комплексиндеги “Авиажүклер” ҳәм “Электрон коммерция” сыртқы экономикалық байланыс бажыхана постларына әмелий сапарлар шөлкемлестирилди. Халықаралық эксперт орынлардағы жумыс, инфраструктура, мәлимлеме алмасыў системасы, қадағалаў зоналары ҳәм почта жөнелтпелерин қайта ислеў процесслерин жақыннан үйренди.

Үйрениўлер даўамында бажыхана процесслерин жетилистириў, жүклерди дизимнен өткериў ҳәм тексериў тәртип-қағыйдаларының нәтийжелилигин арттырыў бойынша әмелий усыныслар берилди.

Семинар жуўмағында Дитмарт Йорст Өзбекстан бажыхана системасында оператив жеткерип бериў системасын жетилистириў, электрон коммерция тараўындағы бажыхана тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў ҳәм Жәҳән саўда шөлкеминиң талапларына муўапықластырыў бойынша жуўмақлар ҳәм усыныслар берди.

Эксперт, сондай-ақ, Өзбекстан бажыхана системасында әмелге асырылып атырған санластырыў ҳәм автоматластырыў бағдарларындағы жетискенликлерди жоқары баҳалады. Бул болса халықаралық стандартларға муўапық нәтийжели системаны жаратыўда әҳмийетли қәдем болып есапланады.

Ш.Маматуропова, ӨзА