Медицинада тәжирийбе арттырыўдың аралықтан, робот-симулятор, әмелий, жумыс орнында еркин таярлық сыяқлы түрлери жолға қойылады

Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиң медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлери менен ушырасыўында мәлим етилди.
Уллы бабамыз Абу Али ибн Синоның “Тәўип бәрқулла өз билимлерин жаңалап турыўы лазым. Себеби, дене ҳәм тәбият бәрқулла жаңаланып турады,” деген ҳикметли сөзлери арадан мың жыл өткен болса да, өз әҳмийетин зәрре жоғалтпағаны атап өтилди.
Бүгинги дәўир шыпакери заманагөй технология, емлеў ҳәм диагностика усылларынан хабардар болыўы, өз үстинде турақлы ислеўи шәрт екенлиги атап өтилди.
Сол себепли, медицина хызметкерлериниң маманлығын үзликсиз арттырып баратуғын жаңа система болады.
Келеси жылдан қәнигелик арттырыўдың аралықтан, робот-симулятор, әмелий, жумыс орнында еркин таярлық сыяқлы түрлери жолға қойылады.
Қәнигелик арттырыў талаплары ҳәм баҳалаў нормаларын ислеп шығыў менен шуғылланатуғын Үзликсиз кәсиплик медициналық билимлендириў орайы шөлкемлестириледи.
ӨзА