Палўанларымыз Ар-Риёдта беллеседи

59

Көпшиликтиң хабары болғанындай ҳәзирги күнлери Саудия Арабстанының Ар-Риёд қаласында VI Ислам тилеклеслик ойынлары болып өтпекте.

18-21-ноябрь күнлери усы жарыс шеңберинде, спорттың еркин гүрес, грек-рим гүреси, ҳаял-қызлар гүреси бойынша беллесиўлер өткериледи.

Онда мәмлекетимиз сайланды командасы қурамында қарақалпақстанлы еки палўан қатнасады. Атап айтқанда, грек-рим гүреси бойынша Азия чемпионаты ҳәм Азия ойынлары жеңимпазы, жәҳән чемпионатының гүмис ҳәм қола медалы ийеси, 2021-жылы Коньяда өткерилген  V Ислам тилеклеслик ойынларының чемпионы Жалғасбай  Бердимуратов ҳәм ҳаял-қызлар гүреси бойынша Азия ойынлары ҳәм Азия чемпионатының қола медалы ийеси, Коньяда өткерилген  V Ислам тилеклеслик ойынларының гүмис медалы жеңимпазы Ақтеңге Кеунимжаевалар қатнасады.

Палўанларымызға  бул жарыста әўмет яр болыўын тилеймиз.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы