Мергенлер өз-ара беллескенде

Нөкис Олимпия ҳәм паралимпия спорт түрлерине таярлаў орайында спорттың оқ жайдан оқ атыў түринен Қарақалпақстан кубогы болып өтти.
Жарысқа республикамыздың барлық аймақларынан күшли спортшылар қатнасып, олар бир неше бағдарлар бойынша өз-ара беллести.
Кескин өткен беллесиўлер жуўмағында, ересеклер арасында Ғанишер Саматов, Мавлюда Режепова, жас өспиримлер арасында Артық Дәрменбаев, Дилафруз Сипатдинова, киши жастағылар арасында Бекзат Бекбаев, Шахсәнем Жеңисбаева, Олимпия түри бойынша жас өспиримлер арасында Артық Дәрменбаев, Оксана Тәжимуратова, балалар арасында Бекзат Бекбаев, Шахсәнем Жеңисбаевалар алтын медальды жеңип алыўға миясар болды.
Ал, улыўма командалық есапта болса, Нөкис қаласы биринши орынды ийелеген болса, екинши ҳәм үшинши орынлар Шымбай ҳәм Қанлыкөл районлары спортшыларына несип етти.
Жарыстың сыйлықлаў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы Спорт министри Е.Қутыбаев, Өзбекстан Оқ жайдан оқ атыў федерациясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы М.Юсуповлар қатнасып, спортшыларды ерискен жетискенлиги менен қутлықлады ҳәм алдағы жарысларда буннанда жоқары нәтийжелерге ерисе бериўине тилеклеслик билдирди.

Жарыс жуўмағына жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом, медаль ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы