Франция өзбек фотосүўретшиси нәзеринде

Алдын хабар бергенимиздей, ҳәзирги күнлери Нөкис қаласында тарийхта туңғыш мәрте Франция мәденияты айлығы өткерилмекте.
27-октябрь сәнесинен басланған бул айлық шеңберинде Франция, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасы арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди сәўлелендиретуғын көплеген мәдений илажлар өткеримекте.
Усындай мәдений илажлардың бири Жоллыбай Изентаев атындағы Қарақалпақстан Республикасы қәнигелестирилген көркем өнер мектеп-интернатында өткерилди. Францияның елимиздеги елшиханасы тәрепинен шөлкемлестирилген бул көргизбе «Франция өзбек фотосүўретшиси нәзеринде» деп аталып, онда ташкентли жас фотограф Бабур Алимходжаевтың Францияға болған сапары даўамында түсирген фотосүўретлери көргизбеге қойылды.
Көргизбениң ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң орынбасары Расул Зарикеев, Францияның Өзбекстандағы елшиси Уалид Фук соңғы жыллары елимизде Франция ҳәм Өзбекстан арасында ҳәр тәреплеме бирге ислесиў раўажланып атырғанын, соның ишинде, бундай шерикшилик мәденият, туризм ҳәм көркем өнер тараўларында да табыслы даўам етип атырғанын айтып өтип, мәдений илажларды көтериңки руўхта өткериўге жәрдем берген барлық шөлкемлер ҳәм белсенди азаматларға өзлериниң миннетдаршылығын билдирди.
– Өзбекстан соның ишинде, Қарақалпақстан менен бирге ислесиў раўажланып атыр, – деди Франция елшиси Уалид Фук. – Бизлер Қарақалпақстанда да француз тилин оқытыў бойынша сөйлесиўлер алып барып атырмыз. Себеби, француз тили тек Францияға ғана жол ашып қоймастан, ал, пүткил дүньяға кең жол ашады. Бүгин жер жүзиниң көплеген еллериндеги халықлар француз тилинде сөйлеп, өз-ара қарым-қатнас жасайды. Бүгинги фотокөргизбеде сизлер Францияның оғада бай тәбияты, тарийхы, мәдений орынлары ҳәм адамларының әжайып турмысы менен жақыннан танысып, бизиң елимиз бойынша кең түсиниклерге ийе боласыз деп ойлайман. Бул көргизбени шөлкемлестириўге жәрдем берген Қарақалпақстан Республикасы ҳүкимети басшыларына, өзбекстанлы фотограф Бабур Алимходжаевқа үлкен рахмет айтаман.
Илажда ташкентли жас фотограф Бабур Алимходжаев шығып сөйлеп, Франция бойынша түсирилген фотосүўретлердиң тарийхы ҳәм оларды түсириў процесслери ҳаққында көргизбе қатнасыўшыларына айтып берди.
Буннан соң фотокөргизбе ашылып, онда көркем өнер шеберлери, жас фотограф ҳәм художниклер Бабур Алимходжаев ислеген дөретиўшилик мийнетлери менен жақыннан танысып, олардың жаратылыў тарийхы бойынша өзлериниң қызықтырған сораўларына тийисли жуўаплар алды.
Өткерилген илаж даўамында Бабур Алимходжаев қарақалпақстанлы жас фотографлар ҳәм Ж. Изентаев атындағы Қарақалпақстан Республикасы қәнигелестирилген көркем өнер мектеп-интернаты оқыўшылары ушын мастер-класс өткерип, олар менен өзиниң жумыс тәжирийбеси менен бөлисти.

Франция мәденияты айлығы күнлери И. Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем өнер музейинде иммерсив көркем өнер фестивалы менен даўам етпекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.
М. Хабибуллаевтың түсирген сүўретлери