Студентлер спорты: Өзбекстан тәжирийбеси тән алынды

Россия Федерациясының басламасы менен Москва қаласында өткерилип атырған “Буря” халықаралық студентлер форумында Өзбекстанда жоқары билимлендириў мәкемелеринде спорт клубларының жумысы системалы жолға қойылғаны тән алынды.
Беларусь, Қазақстан, Қырғызстан, Израиль, Өзбекстан ҳәм Россия мәмлекетлериниң университетлери спорт федерацияларының басшылары қатнасыўында өтип атырған форумда спорт клубларының жумысын раўажландырыў бағдарында әмелге асырылған реформалар ҳаққында сөз етилди.

Өзбекстан студентлер спорты ассоциациясы баслығының орынбасары Эркин Қодиров әнжуман даўамында жыйналғанларға мәмлекетимиздиң жоқары билимлендириў мәкемелеринде спорт клубларының жумысы системалы жолға қойылғаны, ҳәр қыйлы ғалабалық жарыслар, атап айтқанда, спорт түрлери бойынша “Ректор кубоги”, “Студентлер лигасы”, “Бес баслама олимпиадасы” сыяқлы комплексли жарыслар системалы өткерилип киятырғанына тоқтап өтти.

Өзбекстанда студентлер ҳәрекети жаңа бағдарда раўажланып атырғаны Россия Федерациясы ҳәм басқа да мәмлекетлердиң спорт федерациялары тәрепинен тән алынып, бул тәжирийбени халықаралық майданда енгизиў бойынша усыныслар алға қойылды.
Т.Рўзиев, ӨзА