Кәсиплик билимлендириўдеги жаңалықлар

122

Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен кәсиплик билимлендириў системасын реформалаўға қаратылған пәрман ҳәм қарарға қол қойылды. Тийкарғы жаңалықлар:

– Кәсиплик билимлендириў агентлиги шөлкемлестирилди (Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги жанында). Агентлик техникумлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм тараўды басқарыўға жуўапкер.

– Тийкарғы мақсетлер белгиленди (2030-жылға шекем):

– 9-класс питкериўшилерин кәсиплик билимлендириў менен қамтып алыў 29 проценттен 50 процентке жеткериледи.

– Дуал билимлендириў  үлеси  9% тен  40% ке арттырылады.

– Халықаралық  / биргеликтеги бағдарламалар енгизилген техникумлардың саны 250 ге жеткериледи.

– Қаржылай хошаметлеўлер ҳәм таңлаўлар:

– 2026-2027-оқыў жылынан дуал билимлендириўдеги оқыўшыларға БЕМниң бир есеси муғдарында стипендия төленеди.

– 2026-жылдан баслап миллий рейтингтиң ең жақсы 50 техникумының ҳәр бири БЕМниң 3 000 есеси муғдарында хошаметленеди.

– Ҳәр жылы Президент сыйлығы ушын “Кәсиплик шеберлик миллий таңлаўы” өткериледи.

– 2030-жылға шекем техникумлардың жумысын тоқтатыў ҳәм оларға тийисли мүлкти меншиклестириўге мораторий енгизилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги