Суў хожалығын санластырыўда жаңа басқыш (+видео)

Өзбекстанда суў ресурсларын басқарыў системасын заманагөй санлы технологиялар тийкарында жетилистириў бойынша жаңа басқыш басланды.
Усы жыл 13-октябрьде қабыл етилген “Суў тараўын санластырыў процесин буннан былай да жеделлестириў ҳәм турақлы раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы Президент пәрманы тараўда реформалардың жаңа басқышын баслап берди.
Пәрманның тийкарғы мақсетлеринен бири мәмлекетте суў ресурсларын есапқа алыў ҳәм басқарыўды толық санластырыўдан ибарат. Бул арқалы суўдан пайдаланыў есап-санақларында ашық-айдынлықты тәмийинлеў ҳәм мағлыўматларды анық таллаў имканияты жаратылады.
Ҳүжжетке бола, республикада пайдаланылып атырған суў ресурсларының есабын толық жүргизиўди жолға қойыў, 400 ден аслам мағлыўмат түрин санластырыў, 600 мыңнан аслам суў тутыныўшылары ҳәм 4,3 миллион гектар суўғарылатуғын жер майданлары ҳаққындағы мағлыўматларды электрон түрде қәлиплестириў режелестирилген. Бул процесс тек ғана суўды бөлистириўди анықлаў емес, ал суўды үнемлейтуғын технологияларды нәтийжели енгизиўге де хызмет етеди.
– Кейинги жылларда климат өзгериўи, қурғақшылық ҳәм суў жетиспеўшилиги менен байланыслы машқалалар барған сайын күшейип бармақта, – дейди Суў хожалығы министрлиги Санластырыў орайының директоры Шуҳрат Ҳайдаров. – Бул шараятта санлы технологияларды енгизиў – суў ресурсларын басқарыўда нәтийжелиликти арттырыўдың бирден-бир жолы болып есапланады. Санластырыў арқалы суўды үнемлеўши усыллардан пайдаланыў, суў ысырапгершилигин азайтыў, ирригация системаларындағы жоғалтыўларды анықлаў ҳәм суў бөлистириўде ашық-айдынлықты тәмийинлеў мүмкин болады.
Пәрманға муўапық, Суў хожалығы министрлиги системасында Суў хожалығын санластырыў ҳәм мониторинг орайы шөлкемлестириледи. Бул орай Орайлық диспетчерлик ҳәм суў балансы хызмети тийкарында жумыс алып барады. Жаңа структура суў ресурсларынан пайдаланыў бойынша бирден-бир мағлыўматлар базасын қәлиплестиреди, суў ағымлары, ирригация системалары ҳәм суў бөлистирилиўи ҳаққындағы мағлыўматларды реал ўақыт режиминде мониторинг етеди. Бул болса суў хожалығы тараўындағы басқарыў қарарларын жедел ҳәм илимий тийкарда қабыл етиў имканиятын жаратады.
– Өзбекстанда бир жылда орташа 51-53 миллиард метр куб суўдан пайдаланылады. Соның 90 проценти аўыл хожалығында тийкарынан суўғарыў жумыслары, яғный пахта, ғәлле, овощ ҳәм бағшылық өнимлерин жетистириўге жумсалады, – дейди Суў хожалығы министрлиги басқарма баслығы Абдурашид Қулматов. – Санластырыў арқалы суўды үнемлейтуғын усыллардан пайдаланыў, суў ысырапгершилигин азайтыў, ирригация системаларындағы жоғалтыўларды анықлаў және суў бөлистириўде әдиллик ҳәм анықлықты тәмийинлеў имканияты жаратылады. Соның менен бирге, суў хожалығындағы санлы мағлыўматлар базасы аўыл хожалығы, энергетика ҳәм экология тараўлары менен интеграцияланыўы режелестирилген. Бул болса мәмлекетлик уйымлар ҳәм исбилерменлер ушын қарар қабыл етиў процесин жеңиллестиреди.
Пәрманға муўапық, суўдың есабын жүргизиў системасы жолға қойылды. Жаңа қатнас тийкарында суў есабын жүргизиў толық электрон түрге өткериледи. “Суў есабы” мәлимлеме платформасы арқалы пайдаланылған суў муғдары анық есапланып, тутыныўшыларға электрон тәризде мәлим етиледи. Елимизде 50 мың километрлик суўғарыў тармақлары, 1,6 мың насос станциясы ҳәм 10 мыңнан аслам суў объектлери жумыс алып бармақта.
Жаңа қатнас тийкарында суў есабын жүргизиў толық электрон түрге өткериледи. “Суў есабы” мәлимлеме платформасы арқалы пайдаланылған суў муғдары анық есапланып, тутыныўшыларға электрон тәризде мәлим етиледи. Бул есап-санақларда инсан факторын азайтады, қағазпазлықты жоқ етеди ҳәм ресурслардан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырады. Мағлыўматлардың анықлығын тәмийинлеў ушын система “Санлы аўыл хожалығы” платформасы менен интеграцияланады. Усы арқалы суўғарылатуғын жерлер, егин түрлери ҳәм суў лимитлери ҳаққындағы мағлыўматлар автоматикалық жаңаланып барылады. Суў хожалығы министрлиги жанында “Суў хожалығын санластырыў ҳәм мониторинг орайы” және “Мәмлекетлик суў кадастры” мәлимлеме системасы жаратылады. Олар суў ресурсларына байланыслы мағлыўматларды бирден-бир базаға жәмлейди.
Сондай-ақ, суў салығынан түскен қаржылардың 40 проценти мәкемелердиң материаллық-техникалық базасын беккемлеўге қаратыў имканияты бериледи. 2026-жылы Жиззақ, Қашқадәрья, Наўайы, Наманган, Самарқанд ҳәм Сырдәрья ўәлаятларындағы насос станцияларының ярымы, 2027-жылы болса Намангандағы барлығы жеке меншик шерикликке өткериледи. Бул бағдарда “Бир насос – бир система” принципи тийкарында “Чортоқ тәжирийбеси” әмелге асырылады. Жеке меншик шерик суў лимити шеңберинде суў жеткерип береди, суў салығының 40 проценти оған төлеп бериледи. Бул қаржылар болса насос станцияларын модернизациялаўға бағдарланады.
Жаңа орай суў ресурсларынан пайдаланыў бойынша бирден-бир мағлыўматлар базасын жаратады, суў ағымлары, ирригация системалары ҳәм суў бөлистирилиўи ҳаққындағы мағлыўматларды реал ўақыт режиминде мониторинг етеди. Бул болса суў хожалығы тараўындағы қарарларды жедел ҳәм илимий тийкарда қабыл етиў имканиятын жаратады. Соның менен бирге, суў хожалығындағы санлы мағлыўматлар базасы аўыл хожалығы, энергетика ҳәм экология тараўлары менен интеграцияланады. Бул болса мәмлекетлик уйымлар ҳәм исбилерменлер ушын қарар қабыл етиў процесин жеңиллестиреди.
Бир сөз бенен айтқанда, Президентимиздиң бул пәрманы суў хожалығын санластырыўда жаңа басқышты баслап берди. Бул тек ғана техникалық ямаса шөлкемлестириўшилик реформа емес, ал мәмлекеттиң суў ресурсларын турақлы басқарыўға қаратылған узақ мүддетли стратегиясының әҳмийетли бөлеги есапланады. Жаңа система иске қосылғаннан соң, Өзбекстанда суў есабының анықлығы артады, мағлыўматлар базасы автоматластырылады ҳәм тараўдағы нәтийжелилик кескин артады.
Шаҳноза Маматуропова, ӨзА