Өзбекстан делегациясы БМШтың Кибержынаятшылыққа қарсы гүресиў конвенциясына қол қойыў мәресиминде қатнасты

130

Өзбекстан Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Спикери Нуриддин Исмоилов басшылығындағы мәмлекетимиз делегациясы БМШтың Кибержынаятшылыққа қарсы гүресиў конвенциясына қол қойыў мәресиминде қатнасты, деп хабар жазады Олий Мажлис Нызамшылық палатасының телеграм каналында.

Хабарда жазылыўынша, Ханой қаласында болып өткен әнжуманға БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш, Вьетнам Президенти Луонг Куонг, БМШ Бас хаткериниң орынбасары, Наркотиклер ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў басқармасының атқарыўшы директоры Гада Вали және 100 ден аслам мәмлекеттен еки мыңға шамалас делегат қатнасты.

Өзбекстан БМШтың Кибержынаятшылыққа қарсы гүресиў Конвенциясы жойбарын ислеп шығыўда ҳәм оны муўапықластырыўға байланыслы процесстиң барлық басқышларында белсене қатнасқан мәмлекетлердиң қатарына киреди.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Спикери Нуриддин Исмоилов Өзбекстан Ҳүкимети атынан БМШ ҳүжжетине қол қойды ҳәм Пленар сессияда шығып сөйледи.

Баянатта, сондай-ақ, Өзбекстанда әмелге асырылып атырған мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм кибержынаятларға қарсы гүресиў бойынша мәмлекетлик сиясат ҳәм бул тараўда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги