Қамсызландырыў системасындағы әҳмийетли өзгерислер: Халықтың ҳуқықларын және де беккемлеўге қарай

103

Қамсызландырыў муғдары ҳәм сыйлығы 2 есеге арттырылды – қорғаў шеңбери кеңейди.

2026-жыл 1-январьдан баслап транспорт қураллары ийелерине байланыслы пуқаралық жуўапкершилигин мәжбүрий қамсызландырыў бойынша төленетуғын қамсызландырыў суммасы 40 миллион сумнан 80 миллион сумға шекем етип белгиленип қойылды.

Әмелде жеңил автотранспорт қураллары ийелери ушын пуқаралық жуўапкершилигин мәжбүрий қамсызландырыў полиси 2019-жылдан берли жыллық төленетуғын қамсызландырыў сыйлығы аймақ ҳәм айдаўшылар санына қарап 40 мың сумнан 168 мың сумға шекем болып, 40 миллион сумға шекем қамсызландырыў суммасы төлеп берилген еди. 40 миллион сумлық қамсызландырыў суммасының 35 проценти мүлкке жеткерилген зыян ушын, 65 проценти болса пуқараның өмири ҳәм денсаўлығына жеткерилген зыян ушын төлеп берилген.

Ендигидей былай Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 23-июльдеги 458-санлы қарарына муўапық, қамсызландырыў суммасы 80 миллион сумға шекем арттырылды ҳәм бул қамсызландырыў суммасының 35 проценти мүлк ушын, 65 проценти болса пуқаралардың өмири ҳәм денсаўлығына жеткерилген зыян ушын төленеди. Соның менен бирге, қамсызландырыў сыйлығы да аймақларға ҳәм айдаўшылар санына қарап 160 мың сумнан 192 мың сумға шекем белгилеп қойылды.

Халық арасында “Неге қамсызландырыў төлемлери арттырылды?” деген сораўлар пайда болыўы тәбийғый. Буған себеп, мәмлекетимизде транспорт қураллары санының артып барыўы, жолларда заманагөй ҳәм қымбат автомобильлердиң көбейиўи және халықтың санының артып барыўы есапланады. Сондай-ақ, аўысық бөлеклер ҳәм медициналық хызметлердиң баҳасы да итибарға алынды.

Бул өзгерис жол-транспорт ҳәдийселери нәтийжесинде зыян көрген пуқаралардың денсаўлығы ямаса мал-мүлки ушын төленетуғын төлемлердиң муғдарын алдынғыға қарағанда бираз арттырыўды тәмийинлейди.

Енди қамсызландырыў суммалары, тарифлери ҳәм сыйлықлары базар талапларына муўапық белгиленди. Бул дегени, сыйлық ҳәм төлемлер әпиўайы емес, ал экономикалық тийкарланған есап-санақларға сүйенген ҳалда белгиленеди. Яғный, реал зыян көлеми ҳәм итималлығы есапқа алынады.

Және де әпиўайыластырып түсиндиретуғын болсақ, клиентлер ушырасыўы мүмкин болған зиянларды да қаплап бериў ушын компания алдыннан есап-санақ етиўи керек:

– Клиентлер арасында қандай қәўип бар?

– Зыян болыў итималы қандай?

– Бул зыянның муғдары қанша болыўы мүмкин?

Бул есаплаўларды усы тараўда қәнигелескен қәнигелер ислейди. Егер компания надурыс есаплап, жүдә төмен қамсызландырыў сыйлығын белгилесе, кейин ала көп зыян төлеўге мәжбүр болыўы мүмкин. Керисинше, жүдә жоқары сыйлық белгиленсе, клиентлер ушын материаллық жақтан қолайсызлық жүзеге келеди ҳәм олар қамсызландырыўды қымбат деп есаплап, оннан ўаз кешиўи мүмкин.

Қор тек ғана қаржы төлемлерин емес, ал жол-транспорт ҳәдийселери бойынша ҳуқықый мәсләҳәт ҳәм техникалық хызмет көрсетиў, профессионал аджастер (зыянды баҳалаўшы қәниге) хызметлерин де өз мойнына алады. Бул жәбирленген пуқараларға оператив жәрдем көрсетиў ҳәм қамсызландырыў төлемлерин әдил әмелге асырыў имканиятын береди.

Мәмлекетлик уйымлар, қамсызландырыў компаниялары ҳәм басқа да жуўапкер шөлкемлер арасында мәжбүрий қамсызландырыў бойынша бирден-бир электрон мағлыўмат алмасыў системасы жаратылады. Бул система қамсызландырыў процесслерин әпиўайыластырып, ашық-айдынлықты тәмийинлейди.

2026-жыл 1-апрельден баслап қамсызландырыў шәртнамаларын рәсмийлестириў ҳәм сыйлықларды есаплаў процеси орайласқан тәртипте жүргизиледи.

Халыққа төленетуғын қамсызландырыў суммасы экономикалық өсиў ҳәм зыян муғдарына сәйкес келмей қалған еди. Енди пуқаралардың ҳуқықлары күшлирек қорғалады – зыян көрилгенде төлем суммасы жоқары болады.

Бирден-бир системалар арқалы қамсызландырыў шәртнамасын рәсмийлестириў аңсатласады, артықша қағазпазлық азаяды.

Қамсызландырыў компаниялары халыққа салыстырғанда және де жуўапкершиликли болады, себеби барлық төлемлер орайласқан тәртипте қадағаланады.

Қабыл етилген қарарлар халықтың финанслық қәўипсизлигин беккемлеў, қамсызландырыў базарын және де исенимли ҳәм ашық-айдын етиў жолындағы үлкен қәдем. Енди пуқаралар қамсызландырыў хызметлеринен пайдаланғанда, оларға төлемлердиң муғдары, қорғаў дәрежеси ҳәм жуўапкершиликтиң әдил бөлистирилиўи толық кепилленеди.

Ҳәр бир айдаўшы ҳәм транспорт қуралларының ийелери өзиниң қамсызландырыў полиси арқалы және де күшли финанслық қорғаўға ийе болады.

ӨзА