Өзбекстан ҳәм Европа аўқамыныӊ қатнасықларында жаӊа дәўир

99

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Европа кеңесиниң Президенти Антониу Кошта ҳәм Европа комиссиясының Президенти Урсула фон дер Ляйенниң мирәт етиўине бола 23-24-октябрь күнлери рәсмий сапар менен Брюссель қаласында болды.

Президент Шавкат Мирзиёев Бельгияға рәсмий сапары шеңберинде 24-октябрь күни Европаның жетекши компания ҳәм банклериниң басшылары менен дөгерек сәўбетин өткерди.

Ушырасыўда Европа Аўқамының кеңейиў бойынша комиссары Марта Кос, “Vandewiele”, “Linde”, “Rhenus Logistics”, “Ahlers Logistics”, “Lasselsberger Group”, “Pietro Fiorentini”, “NextChem”, “Meridiam”, “SUEZ”, “FMO”, “European Investment Bank”, “Commerzbank”, “KfW”, “Textima”, “Chimcomplex”, “Metso” ҳәм басқа да компания ҳәм корпорациялардың басшылары қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысы илажда Европаның жетекши компанияларының қатнасып атырғаны өз-ара жоқары исеним ҳәм узақ мүддетли шерикликке умтылыстың көриниси екенин айрықша атап өтти.

Кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойылыўы Өзбекстан ҳәм ЕА арасындағы қатнасықларда жаңа дәўирди баслап беретуғыны атап өтилди.

Кейинги жети жылда товар алмасыў еки есеге көбейди, Европа инвестициясының қатнасыўындағы қоспа кәрханалардың саны мыңнан асты. Бул көрсеткишлер инвесторлардың Өзбекстандағы экономикалық реформаларға исеними артып атырғанынан дерек береди.

Европалы бирге ислесиўшилер Өзбекстан экономикасын модернизациялаў ҳәм түпкиликли реформалаў, алдынғы технологиялар, корпоратив басқарыў стандартларын енгизиў ҳәм инновациялық өндиристи раўажландырыўға жәрдем берип атырғаны атап өтилди.

Президентимиз инсан капиталын раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратты. Жаслардың жоқары билим алыў имканиятлары сезилерли дәрежеде кеңейтилди. Жаңа жоқары оқыў орынлары шөлкемлестирилди, сырт ел университетлериниң филиаллары ашылды, европалы шериклер менен биргеликтеги билимлендириў бағдарламалары әмелге асырылмақта.

Ушырасыўда мәмлекетимиз басшысы бирге ислесиўди және де тереңлестириўдиң төрт әҳмийетли бағдарын көрсетип өтти.

Өзбекстан стратегиялық шийки зат ҳәм минералларды өзлестириў ҳәм терең қайта ислеў арқалы жоқары қосымша қунлы таяр өнимлер ислеп шығарыў бойынша жойбарларды биргеликте әмелге асырыўдан мәпдар.

“Жасыл экономика” ҳәм химия санааты да бирге ислесиў ушын перспективалы бағдарлар болып есапланады. Мәмлекетимиз қайта тикленетуғын энергетиканы жедел енгизбекте, энергетика системасын модернизацияламақта. Европалы шериклерге “жасыл” энергетика, энергияны үнемлеў ҳәм экологиялық химия жойбарларында қатнасыў усыныс етилди.

Инфраструктураны ҳәм логистиканы раўажландырыў да тийкарғы әҳмийетке ийе екени көрсетип өтилди. Өзбекстан автомобиль ҳәм темир жоллары және аэропортларды өз ишине алған транспорт тармағын модернизацияламақта. Мәмлекетимиз транзит жөнелислерин раўажландырыў, Европа ҳәм Азияны байланыстыратуғын заманагөй логистика орайларын қурыў бойынша биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўға таяр.

Санлы экономика ҳәм мәлимлеме технологиялары тараўына айрықша итибар қаратылды. Өзбекстан IТ-парклер ҳәм стартап инкубаторларын раўажландырмақта ҳәм Европа компаниялары менен жасалма интеллект ҳәм киберқәўипсизлик тараўларында бирге ислесиўге таяр.

Дөгерек сәўбети қатнасыўшылары, өз гезегинде, мәмлекетимизде инвестициялар ушын жаратылған ашық-айдын ҳәм турақлы шараятларды жоқары баҳалады және елимизде жаңа қоспа жойбар ҳәм басламаларды әмелге асырыўда қатнасыўға таяр екенлигин тастыйықлады.

Сондай-ақ, Брюссель қаласында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев, Европа кеңесиниң Президенти Антониу Кошта ҳәм Европа комиссиясының Президенти Урсула фон дер Ляйен қатнасыўында Өзбекстан Республикасы менен Европа Аўқамы арасында Кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойыўға бағышланған салтанатлы мәресим болып өтти.

Ҳүжжет 1996-жылғы Шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге тийкарланған Өзбекстан-Европа бирге ислесиўиниң ҳуқықый базасын жаңалайды ҳәм сезилерли дәрежеде кеңейтеди.

Жаңа Келисим жойбары бойынша сөйлесиўлер 2019-жыл февраль айында басланып, 2022-жыл июль айында жуўмақланған. Ҳүжжет 2022-жыл 6-июль күни Брюссель қаласында парафирленген еди.

Келисим 9 бөлим, 356 статья ҳәм 14 қосымшадан ибарат. Ол еки тәреплеме қатнасықлардың дерлик барлық тараўларын қамтып алады ҳәм сиясий сөйлесиўди беккемлеў, саўда ҳәм инвестициялар, турақлы раўажланыў, илим ҳәм билимлендириў, инновациялар ҳәм жоқары технологиялар, қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўине айрықша итибар қаратқан ҳалда барлық өз-ара пайдалы бағдарларда бирге ислесиўди раўажландырыў ушын кең көлемли ҳуқықый тийкарды қәлиплестиреди.

Келисимге қол қойылыўы Өзбекстан ҳәм ЕА қатнасықларында жаңа басқышты баслап береди ҳәм көп тәреплеме шерикликти мисли көрилмеген жоқары дәрежеге алып шығады.

Брюссельдеги Европа кеңесиниң бас резиденциясы – “Европа” имаратында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Европа кеңесиниң Президенти Антониу Кошта ҳәм Европа комиссиясының Президенти Урсула фон дер Ляйен менен ушырасыўы болып өтти.

Усы жыл апрель айында Самарқанд қаласында өткен “Орайлық Азия – Европа Аўқамы” биринши саммитиниң жуўмағында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде көп тәреплемели Өзбекстан – Европа бирге ислесиўин буннан былай да кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Жетекшилер бүгин қол қойылған Кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы тарийхый келисимди жоқары баҳалады. Бул кең көлемли ҳүжжет Өзбекстан менен ЕА бирге ислесиўиниң тек ғана ҳуқықый тийкарларын кеңейтип қоймастан, ал жаңа күн тәртибин қәлиплестиретуғыны атап өтилди.

Сондай-ақ, Келисим бирлеспеге ағза мәмлекетлер менен, бәринен бурын, саўда, инвестициялар, транспорт, энергетика, климат, жоқары технологиялар ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў тараўларындағы байланысларға күшли пәт бағышлайды.

Тәреплер Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине ағзалығы бойынша ЕА менен еки тәреплеме сөйлесиўлер жуўмақланғанын да қоллап-қуўатлады.

Барлық дәрежелерде жедел, нәтийжели сөйлесиўлер ҳәм алмасыўлар әмелге асырылып атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Сапар алдынан Өзбекстан делегациясы Европа Аўқамының “Глобал дәрўаза” екинши форумында қатнасты. Жақында болса Бирге ислесиў кеңеси ҳәм Экономика, саўда ҳәм инвестициялар бойынша киши комитеттиң мәжилислери табыслы өткерилди.

Күни кеше ири биргеликтеги бизнес форумы өткерилген болса, бүгин Европаның жетекши компаниялары ҳәм финанслық структураларының басшылары менен ушырасыў болып өтти. Олардың нәтийжесинде энергетика, химия, әҳмийетли минераллар, логистика, тоқымашылық ҳәм фармацевтика тармақларында улыўма баҳасы 10 миллиард евродан аслам болған жаңа жойбарларды әмелге асырыўға келисип алынды. Бул Европа компанияларының қатнасыўындағы улыўма баҳасы 40 миллиард евродан аслам болған ҳәзирги жойбарлар портфелине салмақлы қосымша болып есапланады.

Шерикликтиң жоқары пәтин сақлап қалыў ушын бирге ислесиўдиң институционаллық механизмлерин және де беккемлеў, инвестициялар, әҳмийетли минераллар, энергетика, транспорт, илим ҳәм билимлендириў тараўларында жаңа перспективалы жойбарларды әмелге асырыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Исбилерменлик ҳәм гуманитарлық байланысларды беккемлеў ушын виза тәртиплерин әпиўайыластырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Жетекшилер халықаралық күн тәртиби ҳәм регионаллық бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери бойынша да пикир алысты.

Ушырасыў жуўмағында Биргеликтеги билдириў қабыл етилди.

Брюссель қаласына рәсмий сапары шеңберинде Лакен сарайында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Бельгиялылар Патшасы Филипп пенен ушырасыўы болып өтти.

Саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мәселелери додаланды. Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша пикир алысылды.

Патша Филипп Өзбекстан жетекшисиниң ЕА администрациясы менен сөйлесиўлериниң жуўмақларын жоқары баҳалап, мәмлекетимиз жетекшисин Европа Аўқамы менен Кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы тарийхый келисимге қол қойылғаны менен қызғын қутлықлады.

Өзбекстан – Бельгия қатнасықлары избе-из раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Министрлер дәрежесинде жедел сөйлесиўлер жолға қойылған, сиясий мәсләҳәтлесиўлер турақлы өткерилмекте, еки мәмлекет парламентлеринде дослық топарлары шөлкемлестирилген.

Мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў беккемленбекте. Ташкент ҳәм Кортрейк, Самарқанд ҳәм Льеж қалалары арасында дослық байланыслары орнатылды. Кортрейкте уллы ойшыл бабамыз Әбиў Әли ибн Синаның бюсти ашылды.

Өз-ара товар алмасыў көлеми артпақта, Бельгия компаниялары Өзбекстанда, атап айтқанда, тоқымашылық, логистика ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында табыслы жумыс алып бармақта. Өткен жылы Ташкентте Бенилюкс мәмлекетлериниң саўда палатасы ашылды.

Сөйлесиў ўақтында Бельгия компаниялары ўәкиллериниң Өзбекстанға сапарларын шөлкемлестириў, сондай-ақ, мәдений илажларды өз-ара өткериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында мәмлекетимиз басшысы Патша Филиппти сапар менен Өзбекстанға келиўге мирәт етти.

Соның менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Бельгияға рәсмий сапары жуўмақланды.

ӨзА