Самбода жаңа жеңис: палўанымыз жәҳән чемпионы

24-26-октябрь күнлери Бухара ўәлаятында спорттың Самбо түринен ветеран спортшылар арасында Жәҳән чемпионаты болып өтти.
Жарысқа дүнья жүзиниң түрли мәмлекетлеринен 400 ден аслам спорт шеберлери жеңимпазлық ушын өз-ара гүрес алып барды.
Кескин өткен беллесиўлер жуўмағында, Өзбекстан сайланды командасы 6 алтын, 6 гүмис ҳәм 12 қола медалын жеңип алып, улыўма командалық есапта үшинши орынды ийелеўге еристи.
Қуўанышлы тәрепи сонда, өткерилген жәҳән чемпионатында 45-49 жас аралығында спортшылар арасында беллесиўлерге түскен Тилепбай Ботабаев 98 кг салмақта барлық қарсыласларын жеңип, жәҳән чемпионы атағына миясар болды.

Спортшымызды бул табысы менен қутлықлап, алдағы жарысларда да үлкен жетискенликлерди қолға киргизиўин тилеп қаламыз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы