Саўда-экономикалық ҳәм гуманитарлық тараўларда бирге ислесиў жаңа басқышқа шықпақта

Усы жылдың 22-октябрь күни Россия Федерациясының Москва ўәлаятында Өзбекстан ҳәм Россия аймақлары кеңесиниң екинши мәжилиси болып өтти.
Илажда Россия делегациясына Россия Ҳүкимети Баслығының биринши орынбасары Денис Мантуров, Өзбекстан тәрепине Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Жамшид Ходжаев басшылық етти.
Бул илаж еки мәмлекет арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлықтың жоқары дәрежесин және бир мәрте тастыйықлады, десек алжаспаған боламыз.
Форумда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығындағы Қарақалпақстан делегациясы қатнасты.
Онда Жоқарғы Кеңес Баслығы шығып сөйлеп, соңғы жыллары мәмлекет басшысының айрықша итибары менен Қарақалпақстанның инвестициялық тартымлылығын арттырыў, исбилерменлер ушын қолайлы шараятлар жаратыў, исбилерменлик жойбарларды қоллап-қуўатлаў жаңа басқышқа көтерилгенлиги атап өтилди.
Буннан тысқары, форумда саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў, санаат кооперациясы, аўыл хожалығы тараўындағы өз-ара байланыслар ҳәм мәдений-гуманитарлық шерикликти раўажландырыў мәселелери додаланды. Әсиресе, электрон саўда, қоспа санаат кәрханаларын шөлкемлестириў, көтере саўда-бөлистириў орайларын раўажландырыў, сондай-ақ, мийнет базарында талап жоқары болған қәнигелерди таярлаў ушын дуал билимлендириў системасын енгизиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.



Илажда Россия ҳәм Өзбекстан аймақлары арасында саўда-экономикалық, илимий-техникалық ҳәм гуманитарлық тараўларды қамтып алған 30 дан аслам ҳүжжетлерге қол қойылды. Соның ишинде, Қарақалпақстан делегациясы ҳәм Россияның Башқуртстан, Бурятия ҳәм басқа да аймақлары арасында бирге ислесиў бойынша келисимлерге қол қойылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги